ЖҲҚ бойынша жәрийма баллары системасы 1-июньнан баслап иске түседи

    9 мамыр 2025 1657

    Министрлер Кабинетиниң "Жол ҳәрекети қағыйдабузыўшыларына жәрийма баллары тийкарында баҳалаў системасын енгизиў ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди.

    Усы қарар менен Жол ҳәрекети қағыйдабузыўшыларына жәрийма баллары тийкарында баҳалаў ҳаққындағы реже де тастыйықланған. Оған бола, қағыйдабузыўшыларды жәрийма баллары тийкарында баҳалаў тәртиби, баҳалаў кестеси, жәрийма балларын есаплаў ҳәм усы процесс бойынша мүрәжат етиў тәртиплери белгиленди.

    Сондай-ақ, автомашинаны басқарыў процесинде жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етпеў жағдайларын жәрийма баллары тийкарында баҳалаў тәртиби тастыйықланды. Жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын жәрийма баллары "E-jarimaball" модули арқалы инсан факторысыз автоматластырылған тәртипте есаплап барылады.

    12 ай даўамында жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел еткен автотранспорт басқарыўшыларын хошаметлеў түринде, кейинги дәўирде жол ҳәрекети қағыйдаларын биринши мәрте бузғаны ушын биринши жәрийма балы есапланбайды. Автотранспорт басқарыўшысының ақырғы ҳуқықбузарлығы ушын жәрийма балы есапланған ўақыттан баслап, олар 6 ай даўамында жол ҳәрекети қағыйдабузыўшыларына байланыслы басқа ҳуқықбузарлық ислемеген жағдайда, оның улыўма жәрийма балларынан еки жәрийма балы алып тасланады.

    Егер айдаўшылар жәрийма балларының улыўма муғдары еки жәрийма балынан аз болған жағдайда, барлық жәрийма баллары алып тасланады ҳәм жәрийма балларын есаплаў мүддети биринши ҳуқықбузарлық жүз берген ўақыттан баслап жаңадан басланады.

    Қарар усы жылдың 1-июнинен баслап Өзбекстанда автотранспорт басқарыўшыларының жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлығы ушын жәрийма баллары системасы иске қосылады.

    Бул ҳүжжет пенен Ишки ислер министрлигине 2025-жыл 1-июньға шекем Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте жәрийма балларын есаплаўдың "E-jarimaball" модулин ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа енгизиў ўазыйпасы тапсырылған.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates