ӨзАның мәлим етиўинше, 19 жасқа шекемги ул балалар арасындағы жәҳән чемпионатына пайтахтымыз Ташкентте өткерилиўи тастыйықланған. Бирақ, бул жас категориясында қызлар арасында өтетуғын жәҳән чемпионаты Сербия ҳәм Белградда болып өтиўи белгиленди.
Мәмлекетимиздиң жас волейболшылары Аргентина, Бельгия, Пуэрто-Рико, Пакистан ҳәм Түркия командалары менен "А" топарынан орын алған.
Еслетип өтемиз, Ташкентте өтетуғын жәҳән чемпионаты жарыслары 24-июль - 3-август күнлери өткериледи. Онда 24 миллий сайланды командалар қатнасатуғыны тастыйықланған.




