Усы жылдың 11-декабрь күни Ташкенттеги Халықаралық бизнес орайында тарийхый әҳмийетке ийе болған биринши өзбек-хорватия бизнес-форумы болып өтти.
Бул илаж еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди және де беккемлеў жолында әҳмийетли қәдем болды.
Форумда делегацияларға Өзбекстан тәрепинен Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Кудратов, Хорватия тәрепинен болса Европа ислери ҳәм сыртқы ислер министри Гордан Радман басшылық етти. Илажда тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, өзбек исбилермен топарлары ҳәм «Apiherbal Ltd», «Legio Nordica», “Infobip”, “Podravka”, «Đuro Đaković Montaža-Izolak» сыяқлы 50 ден аслам белгили хорват компаниялары қатнасты.
Өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Лазиз Кудратов Өзбекстан ҳәм Хорватия арасындағы бирге ислесиўди жеделлестириўдиң әҳмийетин айрықша атап өтип, Европа базарларына “GSP+” системасы арқалы преференциал кириў имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлигин атап өтти. Сондай-ақ, глобал санлы трансформация дәўиринде бар ресурс ҳәм имканиятлардан толық пайдаланыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Форум шеңберинде сырт елли мийманларға Өзбекстанда исбилерменлик ушын жаратылған қолайлы шараятлар, инвестициялық потенциал, сондай-ақ, санлы технологиялар, билимлендириў, фармацевтика өнимлери, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат ислеп шығарыў тараўларындағы кең имканиятлар таныстырылды.
Илаж бағдарламасына муўапық, B2В ҳәм B2G форматындағы ушырасыўлар болып өтти, олар арқалы қатнасыўшылар жаңа байланыслар орнатыў, перспективалы биргеликтеги жойбарлар ҳәм саўда келисимлерин әмелге асырыў мәселелерин додалаў имканиятына ийе болды.
Экспертлердиң пикиринше, бул бизнес-форум идеялар ҳәм басламалар алмасыў, сондай-ақ, бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын белгилеў ушын әҳмийетли платформаға айланды. Форум даўамында ерисилген келисимлер болса Өзбекстан ҳәм Хорватия арасындағы экономикалық қатнасықларды буннан былай да тереңлестириўге тийкар болып хызмет етеди.