Ташкентте Dynamic Tower қурылыўы мүмкин

    16 маусым 2025 1118

    Dynamis Architetsture тийкарын салыўшысы Девид Фишер жақын арада Американың үлкен қалаларынан биринде динамикалық архитектура тийкарында жаңа жойбар басланатуғынын, соның менен бирге, тап усындай жойбар бир ўақыттың өзинде Жаңа Ташкентте де басланыўы режелестирилип атырғанын айтты.

    Оның атап өтиўинше, бундай имаратларды қурыў аңсатырақ, арзанырақ ҳәм тезирек, себеби барлық қабатлар унификацияланған ҳәм заводта жыйналады. Бул жоқары сапа, энергия нәтийжелилиги ҳәм минимал пайдаланыў қәрежетлерин тәмийинлейди. Динамикалық имаратларға ийе әжайып жойбар тез арада Американың ири қалаларынан биринде әмелге асырылады ҳәм бир ўақыттың өзинде бундай жойбар Өзбекстанда да басланыў итималы бар. Жойбар қәрежетлердиң 85 процентине шекем қапланатуғын Италия экспорт кредити арқалы қаржыландырылыўы режелестирилген.

    Филипп Дессой өзиниң шығып сөйлеген сөзинде регионда қурылыс сапасы басқышпа-басқыш жақсыланып атырғаны, бирақ қолайлы дәрежеге ерисиў ушын еле үлкен жол басып өтиў керек екенлигин атап өтти. "Биринши мәртеден сапалы қурылмаса, келешекте қайта қурыў ҳәм қәрежетлер болыўы анық. Бул үнемлеў емес, ал кешиктирилген зыян", - деп атап өтти. Сондай-ақ, ол қәўипсизлик, әсиресе, көп қабатлы имаратларды қурыўда әҳмийетли екенлигин атап өтип, Өзбекстанда жас ҳәм потенциаллы мийнет ресурсларының бар екенлигин профессионаллықты арттырыў ҳәм жаңа стандартларды енгизиў ушын тийкар сыпатында унамлы баҳалады.

    Владимир Иванов келешектеги мегаполислер тек ғана инвесторлар ушын емес, ал бәринен бурын адамлар ушын жаратылыўы керек екенлигин айрықша атап өтти. Ол жас әўладтың тилеклери менен таныстырып, Жаңа Ташкент халқы - әсиресе, Альфа әўлады пүткиллей басқаша турмыс тәризине умтылатуғынын атап өтти. Олар көбирек тәбият, индивидуал ҳәрекетшеңлик, ақыллы инфраструктура ҳәм коммуналлық хызметлер ушын минимал қәрежетлерди қәлейди. "Олар (жаслар) былай деп атыр: "Архитектурадан көзлерим ҳәм сезимлерим менен заўықланаман. Оны барып көремен, бирақ өзим ушын ықшам, кишкене квартира сатып аламан. Маған көп квадрат метр керек емес, оларға пул жумсамақшы емеспен. Көшеге шыққанымда, сол жерде қолайлы болыўын қәлеймен. Досларым менен ойнаўға, спорт пенен шуғылланыўға орын болыўын қәлеймен, раўажланыў ушын имканият болсын" ҳәм т.б. Қызығы сонда, биз, бизиң әўлад үлкен шаңараққа ийе болыўды қәлер едик ҳәм бул жолда узақ жолды басып өттик. Бирақ олар басқаша, бираз басқаша турмыс кеширеди", - деп атап өтти Иванов.

    Ол сондай-ақ, халық тығызлығы төмен болған шараятта қала инфраструктурасы қымбатқа түсетуғынын атап өтип, жойбарлаўшыларды мәкан, экономика ҳәм турақлылық арасындағы тең салмақлылықты сақлаўға шақырды. Қала қурылысының ең әҳмийетли принциплери сыпатында ол санластырыў, экологиялық материаллардан пайдаланыў, тарийх пенен байланыслылық ҳәм ЭСГ мәселелерине итибар қаратыўды көрсетип өтти. "Ташкент әллеқашан мәмлекеттиң жалпы ишки өниминиң 20 проценттен асламын тәмийинлемекте. Жаңа қаланың раўажланыўы менен бул үлес және де артады - себеби әйне усы жерде қосымша қун жаратыўды билетуғын адамлар жасайды ҳәм ислейди", - деп жуўмақлады ол.

    Сессия Ташкент пүткил Орайлық Азияның тийкарғы өсиў орайларынан бирине айланыў потенциалына ийе екенин атап өтти. Регион басшылары әллеқашан мәплердиң уқсаслығы ҳәм күш-ғайратларды бирлестириў зәрүр екенлиги ҳаққында пикир билдирмекте. Жәҳән көлеминдеги бәсеки шараятында талант, идея ҳәм инвестицияны бир ноқатқа жыйнай алғанлар жеңимпаз болады. Жаңа Ташкент - бул тек ғана заманагөй қала емес, ал инвесторлар, инженерлер, қала қурылысы қәнигелери ҳәм келешек әўладлар ушын тартымлы болатуғын турақлы мегаполис моделин жаратыў имканияты болып есапланады.