Ташкентте Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Буғаз араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси таллаў орайларының биринши форумы өткериледи

    Усы жылдың 28-29-апрель күнлери Ташкентте "Стратегиялық шерикликти беккемлеў: тарийхый байланыслардан кең көлемли бирге ислесиўге қарай" атамасында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Буғаз араб мәмлекетлери бирге ислесиў кеңеси таллаў орайларының биринши форумы болып өтеди.

    "Дунё" МАның хабар бериўинше, бул форум Өзбекстан Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты ҳәм Саудия Арабстанының "Гулф Ресеарч Сэнтер" изертлеў орайы тәрепинен

    Форум Орайлық Азия мәмлекетлери (Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Өзбекстан) ҳәм КАДҲК (Саудия Арабстаны, БАӘ, Қатар, Кувейт, Оман, Бахрейн) нен 70 тен аслам абырайлы қәнигелерди бир жерге жыйнайды ҳәм еки үлкен макроаймақтың келешектеги бирге ислесиўин беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Сондай-ақ, илажға КАДҲК Секретариаты, дипломатиялық корпус ҳәм исбилермен топар ўәкиллери де мирәт етилген.

    Форум қатнасыўшылары Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Буғаз араб мәмлекетлери арасындағы ҳәзирги ҳәм келешектеги бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплерин додалайды. Регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша сиясий сөйлесиўди ҳәм өз-ара келисилген көзқарасларды беккемлеў, саўда ҳәм инвестициялық байланысларды тереңлестириў, "жасыл" энергетика ҳәм транспорт коридорларын раўажландырыў тараўларында перспективалы жойбарларды әмелге асырыў мәселелери экспертлердиң дыққат орайында болады.

    Регионлараралық бирге ислесиўге сапа жағынан жаңа пәт бағышлайтуғын ҳәм мәмлекетлер арасындағы биргеликтеги раўажланыў потенциалын толық көрсететуғын әмелий басламаларды ислеп шығыўға айрықша итибар қаратылады.

    Биргеликтеги билдириўдиң қабыл етилиўи ҳәм Орайлық Азия ҳәм КАДҲК таллаў орайлары арасында бирге ислесиў меморандумларына қол қойылыўы Форумнан күтилип атырған тийкарғы нәтийжелерден есапланады. Бул ҳүжжетлер еки регионның эксперт жәмийетшиликлери арасында системалы бирге ислесиўди жолға қойыў ушын беккем тийкар жаратыўы күтилмекте.

    Буннан тысқары, ислеп шығылған усыныслар Самарқандта өткерилиўи режелестирилген Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Буғаз араб мәмлекетлери жетекшилериниң екинши саммитиниң күн тәртибин байытыўға әҳмийетли үлес қосады.

    Болажақ форум Орайлық Азия ҳәм Буғаз мәмлекетлери арасындағы узақ мүддетли шерикликти беккемлеўге хызмет етип, улыўмалық тарийхый мийрасты қайта тиклеў ҳәм көп қырлы қарым-қатнасты беккемлеў ушын жаңа бағдарларды белгилеп береди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates