баннер
17 Apr 2025
04:08

    Ташкентте үш мәмлекеттиң энергетика министрлери "Қамбарата-1" ГЭС қурылысы жойбарын додалады

    27 Yanvar 2025 487

    "Биз биргеликте тек ғана "Қамбарата-1" ГЭС қурылысы жойбарын табыслы әмелге асырып қоймастан, ал регионымызда узақ мүддетли турақлылықты тәмийинлеймиз"

    2025-жыл 27-январь күни Ташкентте Өзбекстан Республикасы энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов, Қырғыз Республикасы энергетика министри Таалайбек Ибраев ҳәм Қазақстан Республикасы энергетика министриниң орынбасары Сунгат Есимханов ҳәм Жәҳән банкиниң Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Татяна Проскурякованың қатнасыўында дөгерек сәўбети болып өтти.

    Илажда, сондай-ақ, Жәҳән банкиниң ўәкиллери, соның ишинде, Орайлық Азия бойынша регионаллық директор Татяна Проскурякова, Европа ҳәм Орайлық Азия регионы бойынша стратегия ҳәм операциялар директоры Каролина Санчес-Парамо ҳәм Европа ҳәм Орайлық Азия регионының инфраструктурасы бойынша регионаллық директоры Чарльз Кормье қатнасты.

    Сөйлесиўлердиң тийкарғы темасы Қырғыз Республикасындағы үш мәмлекет тәрепинен биргеликтеги ҳәрекетлер менен әмелге асырылып атырған әҳмийетли регионаллық жойбар - "Қамбарата-1" ГЭС қурылысы жойбарын буннан былай да раўажландырыў болды.

    Өзбекстан Республикасы энергетика министри Жўрабек Мирзамахмудов мәжилис қатнасыўшыларын қутлықлап, мәмлекет ҳүкимети бул стратегиялық әҳмийетке ийе регионаллық жойбарды әмелге асырыўда ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таяр екенин тастыйықлады.

    "Биз "Қамбарата-1" ГЭС қурылысы жойбары қатнасыўшыларын Ташкентте үш тәреплеме ушырасыў шеңберинде қабыллаўдан қуўанышлымыз. Бул жойбар пүткил Орайлық Азия ушын үлкен пайда келтиреди, регионаллық энергетикалық қәўипсизликти беккемлейди, "жасыл" экономикаға өтиўди тезлестиреди ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыўды жақсылайды, деп исенемиз," - деди Жўрабек Мирзамаҳмудов.

    Қырғыз Республикасы энергетика министри Таалайбек Ибраев "Қамбарата-1" ГЭС қурылысы жойбары халықаралық финанс институтлары ҳәм раўажланыў бойынша шериклердиң үлкен қызығыўшылығын оятқанын атап өтти.

    "Қырғыз Республикасында биз "Қамбарата-1" ГЭС қурылысын "әсир жойбары" деп атаймыз, себеби ол регионаллық бирге ислесиўди беккемлейди ҳәм пүткил Орайлық Азияның узақ мүддетли раўажланыўына жәрдем береди. Ташкенттеги бүгинги дөгерек сәўбети 2024-жылы Вена, Брюссель ҳәм Вашингтонда болып өткен ушырасыўлардың даўамы болып есапланады. Бул сөйлесиўлер жойбарды муўапықластырыў ҳәм жеделлестириў, сондай-ақ, зәрүр халықаралық қоллап-қуўатлаўды тартыў ушын хызмет етеди", - деди Таалайбек Ибраев.

    Қазақстан Республикасы энергетика министриниң орынбасары Сунгат Есимханов үш мәмлекетте бар сиясий ерк-ықрар ҳәм жойбарды биргеликте әмелге асырыў зәрүрлиги ҳаққында бирден-бир түсиник бар екенин айрықша атап өтти.

    "Бүгинги дөгерек сәўбети суў-энергетика тараўында күшейип баратырған регионаллық бирге ислесиўди және бир мәрте тастыйықлайды. Биз биргеликте тек ғана "Қамбарата-1" ГЭС қурылысы жойбарын табыслы әмелге асырып қоймастан, ал регионымызда узақ мүддетли турақлылықты тәмийинлеймиз ҳәм мәмлекетлеримиздиң келешектеги социаллық-экономикалық өсиўин де хошаметлеймиз", - деди Сунгат Есимханов.

    Өзбекстан Республикасы, Қырғыз Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы ҳүкиметлери "Қамбарата-1" ГЭС қурылысы жойбары бойынша таярлық көриў ҳәм оны қаржыландырыўда жәрдем көрсетиў бойынша Жәҳән банкине мүрәжат етти. Ҳәзирги ўақытта Жәҳән банки тәрепинен техникалық жәрдем шеңберинде "Қамбарата-1" ГЭС жойбары ушын техникалық-экономикалық тийкарлаў жумыслары алып барылмақта. Бул усы жойбардың техникалық, экономикалық, финанслық, экологиялық ҳәм социаллық тәреплерин баҳалаўды, сондай-ақ, оның кейинги әмелге асырылыўы ушын зәрүр болған басқа да тийкарғы илажлар ҳәм изертлеўлерди қамтып алады.

    Жәҳән банкиниң Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Татяна Проскурякова былай деди:

    "Жәҳән банки үш мәмлекет ҳүкиметлериниң регионда турақлы энергетикалық келешекти тәмийинлеў, экономикалық өсиўди жеделлестириў ҳәм пуқаралардың турмыс дәрежесин арттырыў жолындағы ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлаўдан қуўанышлы. Биз "Қамбарата-1" ГЭС қурылысы жойбарын әмелге асырыў бойынша техникалық жәрдем көрсетиўди даўам еттиремиз. Раўажланыў бойынша басқа да халықаралық бирге ислесиўшилер менен биргеликте жойбарды турмысқа енгизиў ушын зәрүр финанслық ресурсларды тартыў үстинде ислеп атырмыз."

    Ушырасыў шеңберинде тәреплер "Қамбарата-1" ГЭС қурылыс жойбарын биргеликте ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бойынша тийкарғы принциплер бойынша келисип алды. Жойбарды әмелге асырыўдың тийкарғы басқышлары белгилеп алынды ҳәм оны әмелге асырыў схемасы тастыйықланды.

    Сондай-ақ, министрлер дәрежесиндеги сөйлесиўлерди турақлы даўам еттириў және халықаралық донорларды тартыў арқалы бирге ислесиўди тәмийинлеў ҳәм жойбарды турақлы түрде алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech