Янгийўл районы ҳәм Жаңа Ташкент жанында ири жүк станциялары қурылыўы мүмкин

    Сиясат 27 мамыр 2025 2192

    Президент Шавкат Мирзиёев темир жолларды раўажландырыў илажлары бойынша презентация менен танысты.

    Мәмлекетимиз басшысының 2023-жыл 10-октябрьдеги қарарына муўапық, бул тараў пүткиллей реформаланбақта. "Өзбекстан темир жоллары" акционерлик жәмийети структуралық жақтан өзгертилип, тараўлық емес имарат, тутас жер ҳәм артықша ўазыйпалар қысқартылды. Нәтийжеде алдын зыян менен ислеп келген компания өткен жылы 47 миллиард сум сап пайда менен шықты. "Temiryoʻlkargo" компаниясы шөлкемлестирилгеннен соң, жүк вагонларынан пайдаланыў нәтийжелилиги 2 есеге артты.

    Бирақ еле имканиятлар көп. Презентацияда тараў инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм дәраматты арттырыў ўазыйпалары көрсетип өтилди.

    Атап айтқанда, транзит жүклерин тасыў қуўатлылығынан толық пайдаланылмай атыр. Оны келеси жылларда 40 процентке арттырыў арқалы дәраматты 2 есеге көбейтиў мүмкин.

    Мәселен, биринши мәрте Қытай - Түркия жөнелиси бойынша жүк поездларының қатнаўы жолға қойылды. Елимизге жаңа поездлар алып келинип, қатнаўлар жылдан-жылға көбеймекте. Сол себепли темир жол инфраструктурасының өткериўшеңлигин избе-из арттырып барыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Бул мәселе, әсиресе, Ташкент әтирапында әҳмийетли. Ҳәзир сыртқы жүклердиң 70 проценти "Шуқырсай" станциясы арқалы тасылмақта. Гейде буған бир неше күн ўақыт жумсалып, артықша қәрежет ҳәм гезек күтиўге себеп болмақта.

    Сол себепли жүк станцияларын пайтахт аймағынан сыртқа шығарыў, Янгийўл районы ҳәм Жаңа Ташкент жанында ири станциялар қурыў усыныс етилмекте. Сондай-ақ, пайтахтымызды айланып өтетуғын "Озодлик - Янгиер" темир жолының қурылысы нәзерде тутылған. Нәтийжеде Ферғана ойпатлығы менен басқа ўәлаятлар арасындағы жүк тасыўлар Ташкент қаласына кирместен әмелге асырылады.

    Жаңа жойбарлардан және бири Самарқанд - Ургут жолы. Ҳәзирги ўақытта жумыслар басланып, 7 километр темир жоллар жатқарылған. Бул жөнелистиң жәми узынлығы 54 километр болып, 2 вокзал, "Ургут" экономикалық зонасында 2 жүк станциясы қурылады.

    Вокзалларға кирип-шығыў тәртиби, хызметлердиң сапасы мәселелерине де тоқтап өтилди. Жолаўшылар ҳәрекетине қолайлық жаратыў, туристлер ушын шараятты жақсылаў, автомобиль туратуғын орынларды кеңейтиў ўазыйпалары атап өтилди.

    Жуўапкерлер, сондай-ақ, электропоездлар алып келиў, хызмет сапасын жақсылаў режелери бойынша мәлимлеме берди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates