Бирақ олар менен байланыслы машқалалар әсирлер даўамында жасап келмекте. Жадид бабаларымыз тойлардағы ысырапгершилик ҳаққында күйинип жазған. Аўа, ысырапгершилик, дәбдебе, жалған абырай арттырыўға урыныў сыяқлы унамсыз жағдайлардан, тилекке қарсы, қутыла алғанымыз жоқ. Жыллап мийнет етип, тапқаннын той сылтаўы менен шашып жибергени жетпегендей, қарызға батып, шаңарағын қыйын жағдайға салып атырғанлар да жоқ емес. Соның ушын да тойларды тәртипке салыўға мәмлекетлик дәрежеде итибар қаратылып келинбекте. Бул бағдарда ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилип, той өткериўге байланыслы тәртиплер белгиленген. Бирақ оларды орынлаў, ықшам, ысырапгершиликсиз той өткериўге шақырық ҳәм усынысларға көпшилик немқурайдылық пенен қарап келмекте.
Бир тойға кеткен артықша қаржы менен жас шаңарақтың турақ жай алыўына жәрдем бериў, өмир жолында сүрнигип қалмаўы ушын исбилерменлик баслаўына жәрдемлесиў, улыўма, келешегине инвестиция киргизиў мүмкин. Ақыры, салтанатлы тойдан кейин өзин оңлай алмай атырған, материаллық жетиспеўшилик, қарыздарлық сыяқлы кеўилсизликлер себепли бузылып атырған шаңарақлардың бар екенлиги ҳеш кимге сыр емес. Ямаса жас шаңарақта перзентлер туўылғаннан соң, турақ жай менен байланыслы машқала жүзеге келиўи мүмкин.
Соның ушын да бул мәселе және күн тәртибине шықты. Президентимиз быйыл 5-март күни Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң мәжилисинде жәмийетшиликке мүрәжат етип, коррупцияға қарсы гүресиў улыўма миллий ўазыйпа, ҳәр бир ўатансүйгиш ўатанласымыздың ҳүждан иси екенин атап өтти.
"Ҳәммемиз бир күш болып ҳәрекет етсек, әлбетте, үлкен унамлы нәтийжеге ерисемиз. Соның ушын, мәҳәлле белсендилери, нураныйлар, зыялылар, жазыўшы ҳәм шайырлар, көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери, исбилерменлер, белгили шахслар, басшылар, депутат ҳәм сенаторлар - улыўма, пүткил жәмийетшилик бирлесип, коррупцияға "жәмийет денесиндеги рак" сыпатында қараўы керек", деди мәмлекетимиз басшысы.
Мәжилисте жәмийетте коррупцияға қарсы кескин гүресиў, бул бағдарда ашық система, ашық орталық жаратыў ўазыйпасы қойылды. Себеби, тойлардағы дәбдебелик тийкарында коррупция бар екенлигин бийкарлап болмайды. Лаўазым ўәкиллигинен, хызмет дәрежесинен пайдаланып парахорлыққа қол урып атырғанлар, бели аўырмай тапқан пулын өзин көрсетиўге жумсап атырғанлар миллий тойларымыздың тийкарғы көриниси өзгерип кетиўине себеп болмақта. Мине усындай салтанатларды көрип атырған басқалар да қарызланса да, биреўден артта қалмаўға урынып атырғаны, ақыбетинде барлық тойлар, әсиресе, неке мәресимлери жаслардың бахтын гөзлеп емес, бәлким ата-аналардың өзин елге көрсетиў жарысына айланып баратыр.
Бул мәжилистен соң мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 21-апрельдеги "Коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы илажлар ҳаққында"ғы пәрманы жәрияланды.
Енди коррупцияға қарсы гүресиўде парламент, миллий ҳәм аймақлық кеңеслер, пуқаралық жәмийети институтларының роли арттырылады. Коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкарлары күшейеди. Декларация толтырыў тәртиби енгизиледи. Нызамсыз байлық арттырыўға байланыслы жаңа тәртиплердиң киргизилиўи нәтийжесинде коррупция факторы шекленеди. Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, шөлкемлердеги ишки қадағалаў структураларының жумысы күшейтиледи.
Турмыслық коррупцияға қарсы гүресиў бойынша министрликлер, уйымлар басшыларының жуўапкершилиги арттырылады. Мәмлекетлик хызметлер дәрежесин халық баҳалайтуғын система жаратылады. Ең жаман көрсеткишке ийе тараў басшыларына шара көриледи.
Әҳмийетлиси, халықтың, әсиресе, жаслардың ҳуқықый санасы арттырылып, жәмийетте коррупцияға қарсы гүресиўге байланыслылық қәлиплеседи. Президентимиз пәрманы менен тастыйықланған жойбарға тийкарланып тойлар тәртипке салынады. Бул усы ҳүжжет пенен тастыйықланған, ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер дизими келтирилген. Онда усы жылдың августына шекем тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер өткерилиўин тәртипке салыў бойынша парламент палаталары кеңеслериниң қоспа қарары қабыл етилиўи режелестирилген. Жасларда үнемлеў мәдениятын қәлиплестириў бойынша жаңа механизмлер нәзерде тутылған.
Бул жойбарға парламент, Мәденият министрлиги, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Дин ислери бойынша комитет жуўапкер етип белгиленген. Әҳмийетлиси, бул пәрман жәрияланғаннан кейин тойлар ҳәм шаңарақлық илажларды әпиўайы ҳәм ақылға уғрас өткериўге қаратылған басламалар халқымыз тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланды. Ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақларда той ҳәм басқа да мәресимлерди тәртипке салыў, мәселен, той кортежлерин шеклеў, артықша қәрежетти азайтыў ҳәм миллий дәстүрлерге сай өткериў бойынша додалаўлар даўам етпекте. Айырым аймақларда халық депутатлары жергиликли кеңеслери тәрепинен тойларды өткериў тәртибин белгилеў бойынша усыныслар берилмекте.
Мәденият министрлиги жойбардың ҳәр тәреплеме пуқта ислеп шығылыўы, келешекте халқымыздың мәплерине хызмет етиўи бойынша зәрүр илажлар көрмекте. Жетик илимпазлар, көркем өнер ҳәм мәденият ғайраткерлериниң тойларды ықшам ҳәм шырайлы өткериў, халқымыз қәдириятларының ҳақыйқый айнасына айландырыўға қаратылған усыныслары тийкарында ҳүжжеттиң толық таярланыўына мүнәсип үлес қосылады.
Сирожиддин ЎСАРОВ,
журналист