Ғәрезсиз мәмлекеттиң қәлиплесиўи ҳәм беккемлениўинде жүз жылларға татыйтуғын бурылыс ноқатлары болады. Усы мәнисте, 2016-2026-жыллар, сөзсиз, жаңа Өзбекстан жылнамасына уллы "интеллектуаллық раўажланыў" ҳәм Үшинши Ренессанс тийкары жаратылған дәўир сыпатында алтын ҳәриплер менен жазылады. Бул дәўир Президентимиздиң қатаң ерк-ықрары ҳәм мәртлиги тийкарында узақты гөзлеп әмелге асырылған мисли көрилмеген финанслық, структуралық ҳәм ментал өзгерислер менен характерленеди. Егер статистикалық мағлыўматлар, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм бюджет ажыратпаларының көлеми терең, илимий тийкарланған ҳалда салыстырмалы талланса, тарийхый қысқа ўақыт ишинде Өзбекстан билимлендириў орынлары кескин жетиспейтуғын болған ҳәм жабық академиялық орталыққа ийе болған мәмлекеттен кадрлар таярлаўдың диверсификацияланған системасы ҳәм үлкен инвестициялық жәрдемге ийе қүдиретли регионаллық интеллектуаллық хабқа айланып, ҳақыйқый уллы секириўди әмелге асырғаны белгили болады.
Жүз берген өзгерислердиң көлемин қалыс ҳәм әдил баҳалаў және терең түсиниў, түсиниў ушын басланғыш ноқат болып хызмет ететуғын 2016-жыл санларына мүрәжат етиў керек. Себеби, сол дәўирде жасларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси тек ғана 9 процентти қураған, бул дүньядағы ең төмен көрсеткишлерден бири болып, миллий экономиканың бәсекиге шыдамлылығы ушын реал қәўип туўдыратуғын еди. Жоқары билимлендириў системасы қатаң мәмлекетлик монополия ҳәм институционаллық турақлылық пенен ажыралып туратуғын еди: республикамыз бойынша тек ғана 77 жоқары оқыў орны жумыс алып барып, олардың барлығы да бурынғысынан өзгеше болмаған қалдық принципи тийкарында қаржыландырылатуғын мәмлекетлик структуралар еди. Бул стратегиялық сегментте жеке меншик сектордың үлеси пүткиллей нольге тең болып, бул системаны бейимлесиўшеңлик ҳәм инновациялық потенциалдан айырған еди. Талап ҳәм усыныс арасындағы үйлеспеўшилик оғада жоқары дәрежеде еди: ҳәр жылы қабыллаў комиссияларына дерлик 700 мың абитуриент ҳүжжет тапсырар, бирақ студентлик гүўалығын 60-65 мың бахытлы жас ғана қолға киргизер, олардан да тек ғана 19 мыңы мәмлекетлик грант тийкарында оқыў имканиятына ийе еди. Өткериў қәбилетиниң бундай төменлиги бир орынға 20-25 ге шекем болған жасалма таңлаўды қәлиплестирип, кең көлемли коррупциялық схемалар, социаллық наразылық ҳәм жүз мыңлаған талантлы жигит-қызларда үмитсизлик сезимин келтирип шығаратуғын еди.
2026-жыл көриниси болса пүткиллей басқаша социаллық-экономикалық реаллықты көрсетпекте. Онда системалы өзгерислердиң тийкарғы драйвери рекорд дәрежедеги бюджет қаржылары ҳәм либералластырыўға қаратылған қатаң сиясий ерк-ықрар болды. 2025-жылғы мәмлекетлик бюджетте билимлендириў ҳәм илим тараўына жумсалатуғын қәрежетлер тарийхый максимал дәрежеге - 84,3 триллион сумға жетти, бул барлық мәмлекетлик қәрежетлердиң дерлик 25 процентин қурайды. Бул үлкен сумманы тиккелей жоқары ҳәм орта арнаўлы раўажландырыўға бағдарланған бөлеги 14,5 триллион сумнан артты, бул номинал мәнисинде 2016-жылдағы көрсеткишлерден онлаған есеге көп. Бул қүдиретли финанслық тийкар ҳәм қолайлы инвестициялық орталық жаратылыўы есабынан Өзбекстанда жоқары оқыў орынларының улыўма саны 2,7 есеге өсип, 210 ға жетти.
Реформалардың тарийхый феномени ҳәм тийкарғы жетискенлиги мәмлекетлик емес сектордың пайда болыўы ҳәм жедел раўажланыўы болды. Он жыл алдын Өзбекстанда бирде-бир жеке меншик жоқары оқыў орны жоқ еди. Бүгинги күнде болса 85 тен аслам мәмлекетлик емес университет ҳәм институт табыслы жумыс алып бармақта. Бул республикамыз ЖООлары улыўма санының 40,5 процентин қурайды. Бул тектоникалық структуралық өзгерис жоқары билимлендириўге қамтып алыўды критикалық 9 проценттен 2026-жылы рекорд дәрежеде 50 процентке шекем арттырыў имканиятын берди. Бул көрсеткиш Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкемине ағза раўажланған мәмлекетлердиң көрсеткишлерине сәйкес келеди ҳәм "Өзбекстан-2030" стратегиясы ўазыйпаларына толық жуўап береди. Бирақ инфраструктураның муғдарлық өсиўи системаның интеллектуаллық ядросын сапа жағынан жаңалаўды талап ететуғын еди. Бул бағдардағы статистика да ҳақыйқый кадрлар ренессансынан дәрек береди. 2016-жылы республикамыз жоқары оқыў орынларында илимий потенциал дәрежеси (илимий дәрежели оқытыўшылардың үлеси) дерлик 32 процентке жететуғын, илим докторы ҳәм профессор илимий дәрежесине ийе педагоглардың улыўма саны пүткил мәмлекетимиз бойынша 9 мыңнан аспайтуғын еди. Профессор-оқытыўшылар қурамының мийнет ҳақысы орташа 4,5 есеге арттырылғанын нәзерде тутатуғын радикал материаллық хошаметлеў системасының енгизилиўи, сондай-ақ, диссертацияларды қорғаў бойынша бюрократиялық тәртип-қағыйдалар әпиўайыластырылғаны нәтийжесинде (сапа талапларын төменлетпеген ҳалда) 2026-жылға келип илимий потенциал дәрежеси 55 проценттен асты. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз аудиторияларында PhD ҳәм DSc илимий дәрежесине ийе 35 мыңнан аслам педагог сабақ бермекте. Бул миллеттиң интеллектуаллық капиталының дерлик төрт есеге өскенин аңлатады. Жоқары оқыў орынларына жас илимпазлардың кирип келиўи әўладлар даўамлылығын тәмийинледи ҳәм университет лабораторияларына жаңа руўх бағышлап, интеллектуаллық турғынлыққа қарсы беккем тосық жаратты.
Социаллық әдиллик ҳәм билимлерден пайдаланыў имканиятын тәмийинлейтуғын мәмлекетлик буйыртпа структурасы да түп-тийкарынан өзгерди. Егер 2016-жылы грант тийкарында 20 мыңнан аз адам билим алған болса, 2025/2026-оқыў жылында бюджет орынлары (грантлар) саны 197,5 мыңға жетти, бул талантлы жасларды бийпул оқытыў имканияты он есеге артқанын аңлатады. Кадрлар таярлаў бойынша бул мәмлекетлик бағдарламаларды қаржыландырыў ушын тек ғана 2025-жылы бюджеттен 10,7 триллион сум ажыратылды. Мәмлекеттиң айрықша ғамхорлығы халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын мәнзилли қоллап-қуўатлаў ҳәм гендер теңликти тәмийинлеўде көзге тасланбақта. Ҳәр жылы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери магистратурасында билим алып атырған барлық ҳаял-қызлардың шәртнама төлемлерин толық қаплаў ушын кеминде 200 миллиард сум ажыратылмақта. Жәҳән әмелиятында уқсасы жоқ бул мисли көрилмеген илаж илим ҳәм магистратурада ҳаял-қызлардың үлесин 45 процентке жеткериў имканиятын берди.
Буннан тысқары, 2024-жылдан баслап процентлери мәмлекет тәрепинен қапланыўы ушын 150 миллиард сум ажыратылған жаңа, толық санластырылған тәлим кредитлери төлемли-контракт тийкарында оқыўды халықтың ең кең қатламлары ушын қолайлы қылды. Ҳәр қыйлы финанслық тосқынлықларды сапластырды.
Миграция ағымларының терең анализи ҳәм дүнья илиминде айтылатуғын "Тәлим үйде" стратегиясы студентлердиң сырт елге шығып кетиўиниң алдын алыў ушын жергиликли университетлерде халықаралық орталықты жаратыўға хызмет етпекте. Он жыл алдын жаслардың сырт елге шығып кетиўиниң қыйын жағдайы бақланған еди. Экспертлердиң баҳалаўынша, мектеп питкериўшилериниң 30 процентине шекемги бөлеги (ҳәр жылы дерлик 100-120 мың адам) қоңсы мәмлекетлер - Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Россияның жоқары оқыў орынларына оқыў ушын кететуғын еди. Бунда да көбинесе тек ғана диплом алыў нийетинде сапасы гүманлы билимлендириў мәкемелерин таңлаў валюта шығып кетиўи көринисинде экономикамызға тиккелей зыян жеткеретуғын еди. 2026-жылға келип бул вектор 180 дәрежеге өзгерди: "мәжбүрий" миграция үлеси тәбийғый 5-7 процент дәрежесине шекем қысқарып, исенимли билимлендириў экспортына айланды. Өзбекстанда сырт елли студентлер саны 600 ден 12 мың 500 ге жеткени (20 есе өсиў) миллий экономикаға сезилерли дивидендлер алып келмекте. Ҳиндстан, Пакистан, Қубла Корея ҳәм ҒМДА мәмлекетлеринен келген студентлер билимлендириў сапасы сәйкеслиги себепли медицина ҳәм техника бағдарларын саналы түрде таңламақта.
Мәмлекетлик ҳәм жеке меншик жоқары билимлендириў мәкемелери жумысының салыстырмалы анализи саламат бәсеки орталығының қәлиплескенин көрсетеди. Мәмлекетлик ЖООлар фундаментал илимлер, медицина ҳәм инженерлик тараўларында сөзсиз жетекшиликти сақлап қалған ҳалда илимий изертлеўлер ушын мәмлекетлик грантлардың 100 процентин басқармақта. Бирақ санлы технологиялар, халықаралық бизнес ҳәм гуманитарлық бағдарлар бослығын толтырған жеке меншик ЖООлар жоқары институционаллық бейимлесиўшеңликти көрсетпекте. Оларда оқыў бағдарламаларын жаңалаў тезлиги мәмлекетлик сектордағыға қарағанда 40-50 процент жоқары. Инфраструктураға киргизилип атырған кең көлемли инвестициялар менен беккемленген бул фактор (тек ғана 2025-жылы инвестиция бағдарламасы шеңберинде мәмлекетлик ЖООлардың материаллық-техникалық базасын раўажландырыўға 6,6 триллион сум қаратылған) пүткил системаны нәтийже ушын ислеўге мәжбүр етти.
2016-жылы орынланбайтуғын әрман болып көринген халықаралық рейтинглерге кириў бүгинги күнде фактлер менен тастыйықланды. 2026-жылға келип "Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты" Миллий изертлеў университети QS World University Rankings пәнлер рейтингиниң ТОП-300 лигинен (рейтинг нәтийжелери келеси жыл ушын жәрияланады, 2026-жыл ушын рейтинг 2025-жыл ноябрьде жәрияланған) беккем орын ийеледи. Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети болса ТОП-1000 топарына кирди. Жаңа форматтағы басқарыў елитасын таярлаўда "Эл-юрт умиди" қоры әҳмийетли роль атқарды. 2024-2025-жылларда оның жумысы ушын 600 миллиард сумнан аслам қаржы ажыратылды, бул болса 5000 нан аслам жас қәнигени барлық қәрежетлери мәмлекет тәрепинен қапланған ҳалда ТОП-100 лыққа киретуғын жетекши сырт ел университетлерине оқыўға жибериў имканиятын берди.
Мәмлекетимизде жоқары билимлендириў системасында ерисилип атырған стратегиялық нәтийжелердиң турақлылығы соңғы жылларда тараўда әмелге асырылып атырған избе-из ҳәм системалы нызамшылық реформалары менен тиккелей байланыслы. Бул эволюцион процесс миллий билимлендириў базарының экстенсив (муғдар) кеңейиў басқышынан интенсив (сыпат ҳәм мазмун) раўажланыў басқышына өтиўин тәмийинледи. Бул бағдарда Президентимиздиң 2024-жыл 24-майдағы "Жоқары билимлендириў шөлкемлерине оқыўға қабыллаў ҳәм мәмлекетлик буйыртпаны жайластырыў системасын жетилистириў ҳаққында"ғы пәрманы тараўдың раўажланыўында жаңа дәўирди баслап беретуғын концептуаллық ҳүжжет болды. Бул ҳуқықый ҳүжжет мәмлекетлик буйыртпа тийкарында кадрлар таярлаў процесине мәмлекетлик емес секторды тартыўдың қатаң, бирақ әдалатлы императивлик нормаларын белгилеп берди.
Атап айтқанда, мәмлекетлик грантларды бөлистириўде қатнасыўды мақсет еткен жеке меншик жоқары билимлендириў шөлкемлери ушын лицензия талапларына қатаң әмел етиў, соның ишинде, тийкарғы штаттағы профессор-оқытыўшылар қурамының илимий потенциалы кеминде 35 процентти қураўы ҳәм мәкемениң оқыў процеси ушын мөлшерленген имарат-объектлер ҳәм материаллық-техникалық базаға ийе болыўы мәжбүрий шәрт сыпатында беккемленди. Нәтийжеде билимлендириў хызметлери базарындағы саламат емес бәсекиге шек қойылды.
Билимлендириў процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеўде әмелге асырылып атырған санлы трансформация шешиўши әҳмийетке ийе болмақта. Атап айтқанда, мүлкшилик түрине қарамастан, барлық жоқары оқыў орынларының бирден-бир "Жоқары билимлендириў процесслерин басқарыў мәлимлеме системасы" (HEMIS) платформасына толық интеграцияланыўы коррупциялық факторларды кескин қысқартты. Атап айтқанда, мәмлекетлик грантларды бөлистириўде қатнасыўды мақсет еткен жеке меншик жоқары билимлендириў шөлкемлери ушын лицензия талапларына қатаң әмел етиў, соның ишинде, тийкарғы штаттағы профессор-оқытыўшылар қурамының илимий потенциалы кеминде 35 процентти қураўы ҳәм мәкемениң оқыў процеси ушын өлшенген имарат-объектлер ҳәм материаллық-техникалық базаға ийе болыўы мәжбүрий шәрт сыпатында беккемленди. Нәтийжеде билимлендириў хызметлери базарындағы саламат емес бәсекиге шек қойылды.
Билимлендириў процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеўде әмелге асырылып атырған санлы трансформация шешиўши әҳмийетке ийе болмақта. Атап айтқанда, мүлкшилик түрине қарамастан, барлық жоқары оқыў орынларының бирден-бир "Жоқары билимлендириў процесслерин басқарыў мәлимлеме системасы" (HEMIS) платформасына толық интеграцияласыўы коррупциялық факторларды кескин қысқартты.
Жуўмақ орнында атап өтиў керек, 2016-2026-жылларда Өзбекстан жоқары билимлендириў системасында әмелге асырылған институционаллық реформалар тараўдағы мәмлекет монополиясын сапластырып, бәсекиге шыдамлы жеке меншик сектордың қәлиплесиўине фундаменталлық тийкар жаратты. Бул эволюциялық процесстиң ең әҳмийетли нәтийжеси билимлендириў базарының экстенсив кеңейиў басқышынан интенсив сапа өзгерислери басқышына өтиўи болды. Тараўды санластырыў себепли билимлендириў хызметлери базарында тек ғана жоқары илимий потенциал, заманагөй инфраструктура ҳәм академиялық ҳадаллық стандартларына жуўап беретуғын жоқары оқыў орынларының жумыс алып барыўын кепиллейтуғын турақлы ҳәм әдалатлы системаны жаратты.
Гүзалбегим РАҲИМОВА,
экономика илимлериниң докторы