Себеби қолайлы инфраструктура жүклерди жеткерип бериў процесинде қәрежетлердиң азайыўы ҳәм сапалы хызметти тәмийинлеўге жәрдем береди. Соның ушын да кейинги жыллары мәмлекетимизде усы системаны комплексли раўажландырыўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Экспертлердиң атап өтиўинше, нәтийжели транспорт системасы бүгинги бәсеки күшейген шараятта экономикалық раўажланыўдың әҳмийетли факторы болып есапланады. Регионлараралық саўда ҳәм интеграция процесслери кеңейип барар екен, транспорт инфраструктурасы мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўдиң тийкарғы таянышына айланбақта.

Европа ҳәм Азия арасында жайласқан түркий мәмлекетлер бул процессте айрықша орын ийелеп, Түркий мәмлекетлер шөлкеми (ТМШ) шеңберинде бирден-бир транспорт мәканын қәлиплестириў жолында жедел бирге ислесиўди күшейтиўге түртки болмақта. Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубла арасындағы әҳмийетли саўда кесилиспелеринде жайласқан регион өсиў ушын үлкен потенциалға ийе. Шөлкемге ағза мәмлекетлердиң халқы 175 миллион адамды, аймағы болса 4,5 миллион квадрат километрди қурайды.

Өзбекстан шөлкемге ағза болған күннен баслап бирге ислесиўши мәмлекетлер алып барып атырған әҳмийетли жойбарларға шерик болды ҳәм транспорт-логистика тараўындағы басламаларды толық қоллап-қуўатлады.

ТМШ шеңберинде бир неше әҳмийетли транспорт жөнелислери бар, олар өз-ара байланыслылық ҳәм экономикалық бирге ислесиўди тәмийинлейди. Соның менен бирге, Орта коридор транзитти оптималластырыў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди күшейтиў бойынша үлкен имканиятларға ийе болғаны ушын айрықша итибар орайында турыпты.

Орта коридор раўажланыўы менен байланыслы машқалалар шешими

Жәҳән банкиниң таллаўларына бола, 2030-жылға барып Орта коридор бойлап тасыўлар көлеми үш есеге артып, жылына 11 миллион тоннаға жетеди. "Түркий дүнья нәзери - 2040" стратегиялық ҳүжжетинде Орта коридорды раўажландырыў Шығыс ҳәм Батыс арасында ең қысқа ҳәм қәўипсиз транспорт жолын жаратыў және түркий мәмлекетлердиң халықаралық логистика шынжырларына жалғаныўына қаратылған тийкарғы ўазыйпа сыпатында беккемленген.

Бул жойбардың әҳмийетли тәреплеринен бири "Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан" темир жолының қурылысы болып есапланады. 2024-жыл декабрьде Жалалабадта транзит аралықларды бираз қысқартатуғын ҳәм жылына 15 миллион тонна жүклерди тасыў имканиятын беретуғын бул әҳмийетли инфраструктура артериясының тырнақ тасы қойылған еди. Бул тарийхый ўақыя регионда экономикалық интеграцияны күшейтиў ҳәм үш мәмлекет арасындағы транспорт байланысын жақсылаўға қаратылған ең ири инфраструктуралық жойбарлардан бирин әмелге асырыўда әҳмийетли басқыш болды.

Жойбардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде Қытайдан Европа мәмлекетлерине жүклерди жеткерип бериў аралығы ҳәм мүддетлери бир неше мың километрге ҳәм дерлик бир ҳәптеге қысқарады. Келешекте бул темир жол линиясы ҳәм Трансаўған коридорының тутастырылыўы Қытай, Орайлық ҳәм Қубла Азияның транспорт-коммуникациялық байланыслылығын нәтийжели байланыстырыў ҳәм беккемлеў имканиятын береди.

Соңғы жылларда геосиясий кескинлик күшейиўи себепли Транскаспий халықаралық транспорт коридоры пүткил дүнья жәмийетшилигиниң дыққат орайында болып тур. Бирақ, жүк тасыў көлеминиң өсиўине қарамастан, муўапықластырылған ҳалда шешиўди талап етип атырған машқалалар бар.

Тийкаргы машқалалардан бири Каспий теңизиниң сайызланыўы. Нәтийжеде кемелердиң жүкленгенлиги тек ғана 65 процентти қурайды. Каспий теңизи портларында нәўбетлер 30 күнге жетеди, ҳаўа-райы шараяты себепли кемелер жыл даўамында 40 күнге шекем ислемейди. Жоқарыдағы тосқынлықлар пайда болатуғын сораўларға өз ўақтында жуўап бериў ушын биргеликтеги шешим ҳәм қатнасларды ислеп шығыўды талап етеди.

Президентимиз 2023-жыл июнь айында Қырғызстанда болып өткен "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" жетекшилериниң ушырасыўында Орайлық Азия ҳәм Европаның транспорт-коммуникация байланысларын раўажландырыў, бәринен бурын, Орта коридорды қәлиплестириў жолы арқалы мәмлекетлердиң ҳәрекетлерин бирлестириў әҳмийетли екенлигин атап өткен еди.

Глобал логистика шынжырлары ҳәм транспорт коридорларын раўажландырыў ҳәм диверсификациялаў, бирден-бир транзит тармағын қәлиплестириў мәселелери үлкен әҳмийетке ийе. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған Темир жол уйымлары кеңесин шөлкемлестириў ҳәм бул структураның дирекциясын елимизде жайластырыў басламасы Өзбекстанның бирден-бир интеграцияласқан транспорт системасын енгизиў мақсетинде екенин айқын көрсетеди.

2024-жылы Бакуде болып өткен темир жол ҳәкимшиликлери басшыларының ушырасыўы жуўмағында усы жөнелисти раўажландырыў бойынша Муўапықластырыўшы комитет шөлкемлестирилди ҳәм транзит контейнер поездларын шөлкемлестириў бойынша жуўапкер логистика компаниялары белгиленди.

Темир жолда контейнер тасыўлары менен бир қатарда, вагонларда жүк тасыўларға да шегирмелер усыныс етиў ҳәм бирден-бир жүк ҳүжжетин енгизиў арқалы бул коридорды және де раўажландырыў имканияты бар. Бул келисимге Қытайды қосыў арқалы Қытай - Европа жөнелисинде тасылып атырған жүклерди тартқан ҳалда мәмлекетлеримиздиң транзит потенциалын арттырыў мүмкин.

Бүгинги күнде Өзбекстан Орта коридор пайдаланыўшыларынан бири болып есапланады. Атап айтқанда, 2024-жылы Өзбекстанның ЕА ҳәм Кавказ мәмлекетлери, Түркия, АҚШ, Бразилия сыяқлы мәмлекетлер менен халықаралық жүк тасыўларының көлеми 2,8 миллион тоннаны қурағанын есапқа алсақ, улыўма жүк тасыўлар көлеминен 5 процентке шамалас жүклер Орта коридордан тасылған.

2023-жылы Баку порты арқалы тасылған миллий жүк көлеми 867 мың тоннаны қураған болса, 2024-жылдың жуўмағына бола бул көрсеткиш 27 процентке артып, 1,1 миллион тоннаға жетти.

Соның менен бирге, 2024-жылы ТМШға ағза мәмлекетлер менен Өзбекстанның экспорт-импорт жүк тасыў көлеми 13 миллион тоннаны қурады, бул мәмлекетимиз улыўма халықаралық жүк тасыў көлеминиң 22 процентин қурайды.

Мәмлекетлеримиздиң транспорт жағынан өз-ара байланыслылығын беккемлеў арқалы жүк ҳәм жолаўшылар ағымын және де арттырыў және қосымша транзит тасыўларын тартыў ушын бир қатар келисимлерге қол қойылған.

Өткен дәўир даўамында Өзбекстан аэронавигация хызмети провайдери Европа ҳәм Азия ушын регионаллық аэронавигация муўапықластырыў платформасына қосылғанын ҳәм 2023-жыл 21-декабрьден баслап Түркия ҳәм Әзербайжан аэронавигация хызмети провайдерлери тәрепинен шөлкемлестирилген бирлеспеге рәсмий ағза болғанын атап өтиў керек.

2025-жыл 29-январь күни Анкара қаласында болып өткен Өзбекстан - Түркия - Әзербайжан сыртқы ислер, саўда ҳәм транспорт министрлериниң екинши мәжилисиниң жуўмағында Анкара декларациясына қол қойылды ҳәм оның шеңберинде транспорт тараўына байланыслы бир қатар келисимлерге ерисилди.

Жүк тасыў көлемин арттырыў ҳәм транспорт қәрежетлерин азайтыў бойынша түркий мәмлекетлер менен бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде исбилерменлик субъектлериниң қатнасыўында Логистика орайлары ҳәм жүк тасыўшылар Альянсы шөлкемлестирилди. Альянс ТМШ шеңберинде транспорт-логистика тараўындағы исбилерменлер ҳәм тасыўшыларды бир жерге жәмлеп, өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет ететуғын бирлеспе болып есапланады.

Бүгинги күнде Өзбекстан тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў, жүк тасыў процесслери ҳәм ҳүжжетлерин санластырыў есабынан автомобиль транспортында тасыўларды раўажландырыўға айрықша әҳмийет қаратпақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Орайлық Азияда TIR-EPD, Real-Time, SafeTIR, AskTIRweb технологияларын енгизген биринши мәмлекет болып есапланады ҳәм халықаралық жүк тасыўларында электрон кепиллик технологиясын сынақтан өткерген дүньядағы биринши мәмлекетлерден бирине айланды.

ТМШға ағза мәмлекетлер Өзбекстанның тийкарғы саўда-экономикалық шериклери қатарына киреди, онда Әзербайжан менен еркин саўда, Түркия ҳәм Венгрия менен ең қолайлы режим әмел етеди.

Санластырылған системалар, жаңа транспорт жөнелислери ҳәм биргеликтеги инвестициялар себепли ТМШ мәмлекетлери өз-ара интеграцияны тереңлестирип, Евроазия транспорт тармағында өз орнын беккемлеп бармақта.

Транспорт коридорлары ҳәм логистиканы раўажландырыў стратегиясы

Пайтахтымызда усы жылы 12-ноябрь күни Түркий мәмлекетлер шөлкеми секретариаты ҳәм Логистика орайлары ҳәм жүк тасыўшылар Альянсының жәрдеминде Мультимодал тасыўлар бойынша "Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде транспорт коридорлары ҳәм логистиканы раўажландырыў стратегиясы" темасында халықаралық форум шөлкемлестирилди. Форум мәмлекетлик шөлкемлер ҳәм бизнес жәмийетшилиги арасында ашық сөйлесиў ушын әҳмийетли майдан сыпатында беккем бирге ислесиў көпирин қәлиплестириўге хызмет ететуғыны менен әҳмийетли болып есапланады.

14 мәмлекеттен 75 компания қатнасқан форумда шығып сөйлегенлер Өзбекстан соңғы жыллары транспорт тараўындағы бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратып атырғанын атап өтти. Соның ишинде, Қубла Азия, Қытай, Жақын Шығыс ҳәм Европаны байланыстыратуғын транспорт коридорларын раўажландырыў бойынша басламалар жедел алға қойылып атырғаны айрықша атап өтилди.

Өзбекстан Республикасының транспорт-логистика системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясы терең реформалар ушын "жол картасы" болып хызмет етпекте. Ол турақлы, бәсекиге шыдамлы ҳәм өз-ара байланысқан транспорт экосистемасын жаратыўға қаратылған болып, онда тийкарғы темир жол жөнелислерин раўажландырыў, халықаралық тасыўлар көлемин арттырыў, мультимодал схемаларды енгизиўге тийкарғы әҳмийет қаратылған.

Атап өтилгениндей, шөлкем шеңберинде транспорт тараўындағы бирге ислесиў избе-из ҳәм жедел раўажланбақта. Бул бағдарда жоқары дәрежедеги ушырасыўлар менен бир қатарда, транспорт министрлериниң турақлы мәжилислери өткерилип, өз-ара байланысларды буннан былай да беккемлеў, жол-транспорт инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм регионаллық жойбарларды әмелге асырыў бойынша мәселелер додаланбақта.

- Түркий мәмлекетлер шөлкеми ҳақылы түрде жоқары экономикалық ҳәм сиясий потенциалға ийе абырайлы халықаралық шөлкем сыпатында тән алынбақта, -деди Транспорт министри Илҳом Маҳкамов. - Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубла арасындағы әҳмийетли саўда кесилиспелеринде жайласқан регионымыз турақлы раўажланыўға ерисиў ушын үлкен потенциалға ийе. Бүгинги күндеги артып баратырған геосиясий кескинлик шараятында ТМШға ағза мәмлекетлердиң Евроазия орайындағы стратегиялық жайласыўы есабынан халықаралық жәмийетшиликтиң регионымызға итибары барған сайын артпақта. Бул илаждың өткерилиўи мәмлекетлеримиз басшылары тәрепинен транспорт-логистика тараўын буннан былай да раўажландырыў бойынша белгиленген улыўма стратегиялық мәплерди бирлестиретуғын ўазыйпаларды әмелге асырыў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Президентимиз быйыл 7-октябрь күни Габала қаласында болып өткен Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммитинде атап өткениндей, транспорт тараўындағы өз-ара байланыслылықты беккемлеў ҳәм халықаралық транзит коридорларын биргеликте раўажландырыў - Түркий мәмлекетлер бирге ислесиўиниң ең әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысы региондағы өз-ара байланыслылықты тәмийинлейтуғын стратегиялық бағдарлар сыпатында ҳәзирги ўақытта қурылып атырған "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жолы ҳәм перспективалы Трансаўған коридорын белгилеп, оларды Орта (Транскаспий) коридорына байланыстырыў арқалы регионымызда көп тармақлы, стратегиялық магистраллар системасын жаратыў зәрүр екенлигин атап өткен еди.

Усы жерде "Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жолы Орайлық ҳәм Қубла Азияны байланыстыратуғын ең қысқа регионаллық коридорды жаратса, келешектеги Трансаўған коридоры Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлерине Пакистан портлары арқалы Ҳинд океанына тиккелей шығыў имканиятын беретуғынын ҳәм регионның транзит потенциалын сезилерли дәрежеде арттыратуғынын атап өтиў керек.

Келешекте бул еки жөнелис Транскаспий халықаралық транспорт коридорының қурамлық бөлегине айланып, Қытайдан Европаға шекем үзликсиз мультимодал коридорды қәлиплестиреди.

Транскаспий коридорының әҳмийетли бөлеги болған Түркий мәмлекетлерди байланыстырыўшы Зангезур коридоры бойынша келисимлерге ерисилгени регион ушын стратегиялық әҳмийетке ийе. Бул жойбар Түркия, Әзербайжан, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Кавказ арасындағы транспорт байланысларын жақсылаў, өз-ара байланыслылықты беккемлеўге тийкар жаратады.

"Халықаралық аралас жүк тасыўлар ҳаққындағы келисим", "Түркий мәмлекетлер Транспорт байланыслылығы бағдарламасы", "Электрон рухсатнамалар системасынан пайдаланыў ҳаққындағы бирге ислесиў Меморандумы" сыяқлы ҳүжжетлердиң қабыл етилгени өз-ара байланысларды буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.

Соның менен бир қатарда, шөлкемниң "туўысқан портлар" ҳәм "Логистика орайлары ҳәм жүк тасыўшылар Альянсы" платформасы шеңберинде бизнес ўәкиллериниң ушырасыўлары турақлы өткерилип, бирге ислесиў мәселелери додаланбақта.

Бүгинги күнде Өзбекстанның Транскаспий халықаралық транспорт коридоры бойлап халықаралық жүк тасыўлар көлеми турақлы өсиўди көрсетпекте. 2024-жыл даўамында бул жөнелисте халықаралық жүк тасыўлардың көлеми 1,1 миллион тоннаны қурап, 26 процентке көбейген болса, усы жылдың 9 айының жуўмақларына бола, бул көрсеткиш және 6 процентке өсип, 945 мың тоннаны қурады.

Усы жылдың 9 айы жуўмақларына бола, Өзбекстанның Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер менен өз-ара жүк тасыўларының улыўма көлеми 22,2 миллион тоннаны қурады, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 9 процентке көп.

Халықаралық мультимодал ҳәм транзит тасыўлар көлемин және де арттырыў мақсетинде өзбек бизнеси ўәкиллери тәрепинен Каспий теңизинде пайдаланыў ушын кемелер сатып алыў имканияты үйренилмекте. Бул тараўда бирге ислесиўши мәмлекетлер менен теңиз тасыўлары, кемесазлық ҳәм маман қәнигелер таярлаў бойынша тийисли бирге ислесиў келисимлерине қол қойылған.

Соның менен бирге, ҳәзир бирге ислесиўши мәмлекетлер менен e-CMR электрон жүк ҳүжжетлери тийкарында пилот тасыўларын әмелге асырыў мәселеси ислеп шығылмақта.

Санлы технологияларды енгизиўде ТМШ тәжирийбеси

XXI әсирде транспорт тек физикалық инфраструктура емес болып қалды. Рельслер, асфальт ҳәм терминаллардың артында санлы платформалар, алгоритмлер ҳәм мәлимлеме байланыслары тур.

Жүк ағымларының нәтийжелилиги, саўданың турақлылығы және, нәтийжеде, пүткил регионлардың бәсекиге шыдамлылығы бул байланыслардың тезлиги ҳәм ашық-айдынлығына байланыслы.

Түркий мәмлекетлер шөлкеми мәмлекетлери ушын транспорттың санлы трансформациясы тек ғана технологиялық тренд емес, ал интеграцияның стратегиялық бағдарына айланды. Бүгинги күнде бул процесс әмелий дәрежеге көтерилмекте.

Глобал көлемде логистика тараўын санластырыў үлкен пайда келтиреди. Жәҳән банкиниң мағлыўматларына бола, ол бажыхана рәсмийлестириўи ўақтын 50 процентке қысқартыў ҳәм жеткерип бериў шынжырларының нәтийжелилигин 15 - 20 процентке арттырыўы мүмкин.

McKinsey Global Institute 2024-жылғы есабатында транспортта санлы технологиялардан алынатуғын қосымша қун миллионлаған жумыс орынларын жарататуғынын атап өтип, жылына 2,5 триллион долларға баҳалаған.

“e-Permit”, “e-TIR”, "Бир айна" системалары ҳәм “Digital Trade Corridor” сыяқлы қураллар әллеқашан қәрежетлерди 20-30 процентке азайтпақта ҳәм Евроазия мәканы мәмлекетлери ушын жаңа имканиятлар ашып, транзитти тезлестирмекте.

ТМШ да санластырыў жолы 2019-жылы, Өзбекстан шөлкемге қосылыўы менен басланған ҳәм регионаллық бирге ислесиўде жаңа бет ашқан.

Негизинде, транспорт тараўына санлы қуралларды кең көлемде енгизиў мақсетинде 2012-жылдан баслап Өзбекстанда халықаралық жүк тасыў системасын санластырыў бойынша системалы, басқышпа-басқыш жумыслар алып барылмақта. Дәслеп, 2022-жыл 28-октябрь күни Ташкент қаласында болып өткен ТМШ транспорт министрлериниң мәжилиси шеңберинде Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги ҳәм Түркия Транспорт ҳәм инфраструктура министрлиги арасында рухсатнама бланкаларын электрон алмасыў (e-Permit) системасы иске түсирилди.

Соның менен бирге, 2022-жыл декабрь айында Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасында халықаралық жүк тасыўлары ҳаққындағы коньвенцияға муўапық, e-TIR системасынан пайдаланған ҳалда дүньядағы биринши тасыў әмелге асырылды.

2024-жылы Қазақстан ҳәм усы жылдан баслап Әзербайжан менен "e-Permit" технологиясын толық енгизиўге ерисилди.

Мәмлекет ишинде санлы экосистема да жедел пәтлер менен раўажланбақта. Транспорт тараўында бүгинги күнде 30 дан аслам мәлимлеме системалары ҳәм платформалары ислеп шығылған. Атап айтқанда, "Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы" ҳәм "Электрон лицензиялаў системасы" арқалы тараўдағы 10 нан аслам мәмлекетлик хызметлер толық электрон түрде көрсетилмекте.

Буннан тысқары, Республикамыз арқалы транзит өтип атырған қәўипли категориядағы жүклерди тасыўға рухсатнама бланкаларын электрон рәсмийлестириў ҳәм бериў бойынша "Қәўипли жүк" мәлимлеме системасы иске қосылды.

Мәмлекетимизге пәрўазларды әмелге асырыўда сырт ел авиакомпанияларының пәрўазлар кестесин электрон тәризде келисиўди нәзерде тутатуғын "Р формасы" мәлимлеме системасы ислеп шығылды.

Жәмийетлик транспорт автобусларында жолаўшы тасыўдың сапасын арттырыў, автобуслардың ҳәрекетин реал ўақыт режиминде мониторинг етиў, тасыўшылардың жумысында "басып өтилген аралық" ҳәм "сапа" критерияларының үстинлигин тәмийинлеў, автобусларда жәмийетлик қәўипсизликти арттырыў мақсетинде "Автоматластырылған диспетчерлик системасы" енгизилди.

Буннан тысқары, орайлық қалаларда жәмийетлик транспортта жол ҳақысын төлеўдиң автоматластырылған системасы иске қосылды. Барлық транспорт түрлерине билетлерди аралықтан турып сатып алыў ушын платформалар бар.

Улыўма алғанда, ТМШ мәмлекетлеринде транспортты санластырыў әллеқашан эксперименталлық басқыштан толық экосистеманы қәлиплестириў басқышына өтти. Электрон жүк хатларынан баслап "ақыллы портлар"ға шекем - булардың барлығы тек ғана технологиялық инновациялар емес, ал регионның жаңа экономикалық байланыслылығының тийкары болып есапланады. Егер бир ўақытлары түркий мәмлекетлер кәрўан жолларын байланыстырған болса, енди оларды келешектиң санлы жөнелислери байланыстырмақта.

Бир сөз бенен айтқанда, бул форум мультимодал тасыўлар, санластырыў ҳәм логистика инфраструктурасын раўажландырыў, жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыў ҳәм бар машқалаларды шешиўде әҳмийетли платформа болып хызмет етеди.

Лутфулла СУВОНОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы