Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайының жаңаланған баҳаларына бола, Өзбекстан экономикасы ишки талаптың кеңейиўи, экспорттың жеделлесиўи ҳәм инвестициялардың көбейиўи менен қоллап-қуўатланып атырған жоқары өсиў пәтлерин көрсетиўде даўам етеди. ЭИРОның 2025-жылға мөлшерленген прогнозы июнь айының көрсеткишлеринен 0,8 процентке артық. 2025-жылы 7,5 процентке өсиўи күтилмекте.
Ҳәзирги макроэкономикалық тенденциялар.
Ҳәзирги мағлыўматлар тийкарғы тармақлардың тең салмақлы раўажланып атырғаны ҳәм жоқары исбилерменлик белсендилиги сақланып атырғанын тастыйықлайды. ЭИРО тәрепинен есапланған исбилерменлик белсендилиги индекси усы жылдың октябрь айында сезилерли өсиўди (2024-жылдың октябрь айына салыстырғанда 34,2 процентке) көрсетти.
Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 9 ай даўамында Өзбекстан экономикасы 7,6 процентке өскен. Өсимди санаат, хызмет көрсетиў, аўыл хожалығы, қурылыс ҳәм сыртқы саўда тәмийинледи, олар дерлик шерекке, экспорт болса үштен бир бөлегине өсти; инвестициялардың өсиўи дерлик 15 процентти қурады. Пул өткермелери өткен жылға салыстырғанда 25 процентке өскен.
2025-жылға мөлшерленген экономикалық өсиў прогнозы
Ҳәзирги макроэкономикалық көрсеткишлерди есапқа алған ҳалда, ЭИРОның интеграцияласқан модели тийкарында Өзбекстанның жалпы ишки өниминиң өсиўи 7,5 процент дәрежесинде болжанбақта. Прогноз коридорының шегаралары 7,3-7,7% ти қурайды.
Таллаўлар соны көрсетпекте, экономикалық өсиў траекториясына кәрханалардың исбилерменлик белсендилиги, турақ жай базарының жағдайы, санаат өндирисиниң көлеми ҳәм банк операциялары ең көп тәсир етеди. Есап-санақларды алдынғы жыллардағы ҳақыйқый мағлыўматлар менен салыстырыў бул қатнас ҳақыйқый макроэкономикалық тенденцияларды сәўлелендиретуғынын тастыйықлайды.
Буннан тысқары, ЭИРО минез-қулық индикаторларын, соның ишинде, Google излеўлериниң динамикасын таллады. Усы жылдың январь-октябрь айларында "автотранспорт қураллары" (3 процент), "бизнес ҳәм санаат" (5,9 процент), "сатып алыў" (8,1 процент), "қаржы" (9,5 процент) сыяқлы категорияларда қызығыўшылықтың артқаны бақланбақта.
макроанализдиң жаңа стандарты
Прогнозды есаплаў ушын реал ўақыт режиминде жедел таллаў, яғный "ноу-кастинг" модельлеринен пайдаланылған. Бундай қатнас стандарт шереклик статистикада сәўлелендирилмейтуғын кең көлемли мағлыўматларды есапқа алыў имканиятын береди.
Прогноз кеңейтилген мәлимлеме базасы тийкарында таярланған болып, оған санаат, хызмет көрсетиў, қурылыс, сыртқы саўда, қаржы тараўы ҳәм тутыныў талабы бойынша 2017-2025-жыллар ушын 30 дан аслам тийкарғы индикаторлар киргизилген.
Бурын Економикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы Швейцарияның KOF экономикалық институты менен биргеликте Өзбекстан ушын реал ўақыт режиминде макроэкономикалық таллаў моделин ислеп шыққан еди. Жойбар Жәҳән банки ҳәм Инновациялық раўажланыў агентлигиниң жәрдеминде MUNIS бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылды.
Жаратылған инструментарий жалпы ишки өнимниң ҳәзирги динамикасын турақлы мониторинг етиў ҳәм экономикалық сиясат тараўында қабыл етилип атырған қарарлардың сапасын арттырыў ушын тийкар болды.
Халық аралық баҳалар
Усы жылдың сентябрь-октябрь айларындағы соңғы жаңаланыўларға бола, Халықаралық валюта қоры 2025-жылы Өзбекстан экономикасының өсиўин 7,3 процент дәрежеде, яғный алдынғы баҳалаўдан 1,4 процентке жоқары болыўын күтип атыр. Жәҳән банкиниң прогнозы - 6,2 процент, Азия раўажланыў банкиниң прогнозы - 6,6 процент.
Миллий ҳәм халықаралық баҳаларды салыстырыў ЭИРО прогнозының тийкарлылығын тастыйықлайды, ол структуралық ҳәм минез-қулық факторларын есапқа алады ҳәм макроэкономикалық мониторингтиң заманагөй системасына сүйенеди.