Жақында Өзбекстан Республикасы Экологиялық партиясы Орайлық Кеңесиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутатлары, Ташкент мәмлекетлик аграр университети, сондай-ақ, Green University, бир қатар мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң профессор-оқытыўшылары қатнасыўында халық арасында өткерилген сораўнама нәтийжелерин додалаўға бағышланған тыңлаў болып өтти.
Онда Өзбекстан Экологиялық партиясы баслығының биринши орынбасары ўазыйпасын атқарыўшы Баҳриддин Ҳофизов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының илим, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм билимлендириў мәселелери бойынша комитетлериниң ағзалары Азизбек Акбаров, демократиялық институтлар ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў мәселелери бойынша комитетлердиң ағзалары Наўрызбек Юсупов шығып сөйледи.
Өзбекстан Республикасы Турақлы раўажланыў орайының эксперти Авазбек Холбеков экологиялық сана дәрежесин ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелерине мүнәсибетти үйрениў бойынша жәмийетлик пикирди сораў нәтийжелери бойынша аналитикалық баянат жасады.
Изертлеў өткен жылдың июль-октябрь айларында өткерилди. Онда Ташкент, Самарқанд ҳәм Ташкент ўәлаятларындағы халықтың ҳәр қыйлы категориялары, ҳәр қыйлы жастағы ҳәм ҳәр қыйлы кәсип ийелери қамтып алынды. Елимизде экология тараўында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм "жасыл" экономиканы енгизиў, сондай-ақ, тәбийғый ресурслардан үнемли пайдаланыў, нызамшылықтың бузылыўына байланыслы мәселелерде халықтың пикирин үйрениў мақсет етилген.
Суў ресурсларының жетиспеўшилиги, топырақтың деградациясы ҳәм шөллениўи менен байланыслы машқалалар күн сайын әҳмийетли болып атырған ҳәзирги ўақытта халықтың қоршап турған тәбиятымызға абайлылық пенен қатнаста болыўын қәлиплестириў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, жасыл егинлер егиў оғада әҳмийетли. Себеби, жәмийетлик экологиялық қадағалаў мәмлекет ҳәм жәмийеттиң өз-ара бирге ислесиўи, жетик пуқаралық жәмийетин қәлиплестириўдиң тәсиршең қуралларынан бири болып есапланады.
Өзбекстан Турақлы раўажланыў орайы тәрепинен климат өзгериўи ҳәм оның ақыбетлерине қарсы гүресиў бойынша қыстаўлы илажлар көриў бойынша БМШтың ТРМ-13 ўазыйпаларын әмелге асырыў бойынша жумыслар алып барылмақта.
Жәмийетлик пикирди сораўдан келип шығатуғын жуўмақлар төмендегише: жәмийетке экологиялық билим ҳәм ҳуқықый сананы бақша дәўиринен баслап енгизиў бойынша система керек.
Жәмийетлик қатнасыўды институционалластырыўда МКШлар ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары (мәҳәлле пуқаралар жыйынлары) арасындағы бирге ислесиў әҳмийетли. Суў ресурсларын басқарыў процесслерине инновациялық санлы шешимлер, "ақыллы технологиялар"ды енгизиўге айрықша итибар қаратыў зәрүр.
Есабат додалаўында қатнасыўшылар келешекте "жасыл" экономиканы экономикалық хошаметлеўдиң тәсиршең механизмлерин жаратыў, пуқаралардың экологиялық жуўапкершилик мәдениятын тәрбиялаў әҳмийетли екенлигине исеним билдирди. Билдирилген усыныслар мәмлекеттиң пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм изертлеўшилер, исбилерменлер, илимпазлар менен бирге ислесиўин беккемлеўге тийкар болыўы керек екенлиги атап өтилди.