Усы жылдың 3-март сәнесинен елимизде ипотека кредитлери ушын субсидия алыўға арзалар қабыллаў басланды. Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мағлыўматына бола, быйыл 30 мың пуқараға субсидия ажыратыў белгиленген ҳәм бул сан өткен жылдағыға салыстырғанда 1,5 есеге көп.
Бир танысым ҳәр жылы субсидия алыўға арза береди, бирақ еле алған жоқ. Ал басқа бир танысымның өткен жылы әўмети келди. Ашығын айтқанда, субсидия ҳаққында сөз болғанда, қыйналған, турақ жай алыў имканияты аз шаңарақларға мәмлекет тәрепинен берилетуғын жәрдем, деген түсиник бар. Бирақ, мен сыяқлы көпшилик субсидияның қандай тәртипте алыныўы ҳәм төлениўи, кимлерге берилиўи, кредиттен парқы ҳәм басқа да тәреплери ҳаққында көп те билмейди.
Елимизде 2020-жылдан басланған бул әмелият қысқа ўақытта сезилерли дәрежеде ғалаба ен жайды. Субсидия алыўға талабанлар саны да жыл сайын артып бармақта. Арза тапсырыўшылардың айтыўынша, субсидия ипотека кредити алыўда мәмлекет тәрепинен қайтармаў шәрти менен берилетуғын белгили муғдардағы төлем пулы. Бирақ ол банк кредитлеринен парық қылады.
— Субсидия ипотека кредитлери тийкарында бирлемши базардан квартира сатып алыў ушын басланғыш төлем ҳәм кредит процентиниң бир бөлегин қаплаў мақсетинде мәмлекет тәрепинен берилетуғын ҳәм қайтарылмайтуғын финанслық жәрдем болып есапланады, — дейди Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң бас қәнигеси Шоҳруҳбек Ғаниев. - Ол ипотека кредитлери бойынша басланғыш төлем ҳәм процент қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў мақсетинде ажыратылады. Быйылғы тәртипке бола, субсидия пуқараға турақ жай сатып алыўда дәслепки төлемниң бир бөлегин қаплаў ушын қатаң белгиленген 30 миллион сум ҳәм ипотека кредитиниң биринши бес жылы даўамында процент төлемлериниң бир бөлегин қаплаў ушын Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы (13,5 процент) нан артқан бөлегине төленеди. Тийисли қаржы мәмлекетлик бюджеттен пуқараның атына банкте ашылған есап бетине өткериледи. Өзбекстанның 18 жастан 60 жасқа шекемги пуқаралары ипотека кредити ушын субсидия алыўға арза тапсырыўы мүмкин. Талапкерлер электрон система арқалы социаллық критериялар тийкарында баҳаланады ҳәм унамлы хабарнамаға ийе болған жағдайда субсидия ажыратылады.
Демек, субсидия ҳеш қандай шәртлерсиз ажыратылатуғын ҳәм қайтарылмайтуғын жәрдем пулы болып, усы тәреплери менен коммерциялық банклер тәрепинен белгили бир шәртлерде берилетуғын кредиттен парық қылады. Бундай бийғәрез қаржыны алыўға талапкер көп болыўы тәбийий. Лимит болса шекленген, бирақ ҳәр жылы арттырылып барылмақта. Мағлыўматларға бола, өткен жылы 20 мың пуқараға 2,2 триллион сум субсидия ажыратылған болса, быйыл бул сан 30 мың пуқараға 2,5 триллион сум етип белгиленди. Бирақ ҳәр сапары арзалар саны лимиттен артып кетеди, нәтийжеде барлық нормаларға жуўап берген ҳәм әўметли болғанлар ғана субсидияға ийе болады. Усы күнлерде болса көпшиликти ипотека кредити ушын субсидия кимлерге ҳәм қандай шәртлер тийкарында берилиўи қызықтырмақта.
Тәртиби ҳәм талабы қандай?
Усы жылдың 21-февраль күни Президенттиң "Турақ жай ҳәм ипотека базарын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы қабыл етилип, быйылғы ипотека кредитлери бойынша субсидиялар төлеўдиң мақсетли көрсеткишлери тастыйықланды. Онда субсидия алыўға талабан өз аймағындағы Мәмлекетлик хызметлер орайларына тиккелей барған ҳалда ямаса “my.gov.uz” бирден-бир интерактив порталы арқалы арза тапсырыўы мүмкин. Арзада көрсетилген мағлыўматлар тийкарында пуқара “subsidiya.idm.uz” автоматластырылған электрон платформасы арқалы Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары менен қабыл етилген реже тәртибине бола субсидия ажыратылатуғын пуқараларды баҳалаўдың социаллық нормалары тийкарында реал ўақыт режиминде баҳаланады.
Процессте арза бериўши ҳәм оның шаңарағының дәраматы, ҳәзирги турақ жай статусы, социаллық қорғаўға мүтәж айырым шахслар категориясына кириўи, арза бериўши ҳәм оның шаңарағындағы шахслардың "Медициналық-социаллық экспертиза" электрон мәлимлеме системасынан дизимнен өткенлиги тексериледи. Ҳәр бир социаллық норма бойынша пуқараға балл бериледи ҳәм талабан 30 ҳәм оннан көбирек балл топлаўы керек болады. Мәселен, арза бериўши ҳәм шаңарағының дәраматлары 5 ямаса 10 балл менен баҳаланса, "Медициналық-социаллық экспертиза" электрон мәлимлеме системасынан дизимнен өткен шахсларға қосымша 5 балл бериледи.
Ҳәзир субсидия берилетуғын шахсларды таңлап алыў ҳәм баҳалаў процесслери толық автоматластырылған. “Subsidiya.idm.uz” программалық тәмийнат системасы тийисли шөлкемлердиң электрон мағлыўматлар базалары менен интеграцияланған. Бул мағлыўматлар базаларында арза бериўшиниң мағлыўматлары 3 жумыс күни даўамында тексериледи. Атап айтқанда, Әдиллик министрлиги шаңарақ қурамы, арза бериўшиниң өмирлик жолдасы ҳәм жалғыз баслы ана, жесир ямаса ажырасқан ҳаяллар категориясына тийислилиги ҳаққындағы мағлыўматлар дурыс киргизилгенлиги, Кадастр агентлиги арза бериўши ҳәм оның өмирлик жолдасының атында турақ жай бар ямаса жоқ екенлигин, Салық комитети арза бериўши ҳәм оның шаңарақ ағзаларының орташа айлық дәраматларын тексереди ҳәм басқалар.
- Арза бериўши ҳәм оның шаңарағының дәраматлары мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары тийкарында жасаў аймағына қарап баҳаланады, - дейди Шоҳруҳбек Ғаниев. - Жаңа тәртипке бола, субсидияға арза берилгенде, арза бериўши ҳәм зайыбының орташа айлық дәраматларының муғдары белгиленген нормалардан аз болса, талапкердиң қәлеўи менен дәраматлар есап-китабына олардың жақын туўысқанларының дәраматлары да киргизилиўи мүмкин. Әмелдеги нызамшылыққа бола, жақын туўысқанлар қатарына туўысқан ямаса қуда тәрептен туўысқан болған шахслар, яғный ерли-зайыптың ата-анасы, туўысқан ҳәм өгей аға-ини, апа-сиңлилер, перзент ҳәм перзентликке алынғанлар, ата-апа, ақлықлар киреди. Баҳалаў процесинде дәрамат дәрежесине қарап 5 ямаса 10 балл бериледи. Бунда арза бериўши ямаса зайыбының (соның ишинде, кепил сыпатында келтирилген жақын туўысқанлары) орташа дәрамат муғдары белгиленген. Бул Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 2,7 есесинен 8 есесине шекем (ҳәзир 3,11 - 9,24 миллион сум), Ташкент қаласында болса мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 2,7−9,2 есеси (ҳәзир 3,11 - 10,62 миллион сум) болыўы зәрүр. Орташа айлық дәраматлар бойынша балл берилмеген жағдайда, субсидия ажыратыў бийкар етилиўи мүмкин. Тәртипке бола, соңғы үш айдың кеминде бир айында дәраматқа ийе болыў талап етиледи.
Ипотека кредити ушын субсидия алыў көпшилик ойлағандай оғада қыйын процесс емес. Қәнигелердиң атап өтиўинше, тийкарғы машқала белгиленген талапларға жуўап бермеў ямаса арзада мағлыўматларды надурыс киргизиўде көзге тасланады. Нәтийжеде пуқараға субсидия ажыратылмайды. Мәселен, арза бериўши, соның ишинде, өмирлик жолдасының атында республиканың барлық аймақлары көлеминде мүлк ҳуқықы менен турақ жай болмаўы керек, болған жағдайда субсидия ажыратыў бийкар етиледи. Қалаберди, усынылған мағлыўматлар надурыс ямаса жалған болған жағдайда, алдын ипотека кредитлери бойынша субсидиядан пайдаланған пуқаралар ҳәм олардың өмирлик жолдаслары тәрепинен қайта мүрәжат болғанда киргизилген арза бийкар етилиўи мүмкин. Бирақ буларға байланыслы болмаған басқа фактор да бар. Яғный арза барлық талапларға жуўап берген жағдайда да егер усы жылы аймақ ушын ажыратылатуғын субсидия саны таўсылған болса, талапкер субсидия ажыратылғанлар қатарына кирмей қалады. Бунда арзаны биринши болып тапсырғанларға үстинлик бериледи. Демек, талабан арзаны қанша ерте тапсырса, сонша жақсы.
Субсидия ажыратылыўы ҳаққында унамлы хабарнама алған пуқараларға болса тийисли тәртипте субсидия төлеп бериледи. Онда пуқара бирлемши базардан квартира сатып алыў ҳаққында қурылысшы менен шәртнама дүзеди ҳәм тийисли ҳүжжетлер менен ипотека кредитин алыў ушын Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен бирге ислесиў меморандумын дүзген коммерциялық банкке мүрәжат етеди. Ипотека кредитин рәсмийлестириў процесинде әне усы коммерциялық банк субсидия қаржыларын төлеп береди. Бул төлем тек ғана бирлемши базар, яғный жаңадан қурылған көп қабатлы турақ жайлардан квартира сатып алыўға қолланылады.
Ашығын айтқанда, турақ жай сатып алыў ушын төлеп берилетуғын 30 миллион сум киши қаржы емес. Және бул мәмлекет тәрепинен бийғәрез, ҳеш қандай шәртлерсиз берилиўи социаллық қыйналған шаңарақлар ушын үлкен жәрдем. Халық тилине түскен субсидия әмелиятының мәниси де сонда. Ҳәр жылы ипотека кредитлери ушын ажыратылып атырған субсидия лимитлери артып атырғаны және де қуўанышлы. Енди гәп әне усы қаржылардың ашық-айдын ҳәм системалы ажыратылыўында. Арзаларды баҳалаў системасының толық электрон түрге өткерилгени соған хызмет етеди.
Ирода ТОШМАТОВА,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы