Онда Өзбекстанның Пакистандағы елшиханасының мәсләҳәтшиси Равшан Алимов, сондай-ақ, Өзбекстанның Пакистандағы туризм брендиниң елшиси, Нақшбандия диний дәстүриниң ўәкили Шайх Муҳаммад Нақиб ур-Раҳмон Ҳамид Маҳмуд Чаудри қатнасты.

Ушырасыўда Пакистан ҳәм Өзбекстан арасында туризм, мийманхана бизнеси ҳәм мәдений мийрас тараўларындағы бирге ислесиўдиң перспективалары бойынша пикир алысылды. Соңғы жыллары Өзбекстанда туризмди экономиканың стратегиялық драйверлеринен бирине айландырыў мақсетинде әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында да мағлыўмат берилди.

Тамашагөйлер зыярат туризми имканиятлары, Самарқанд, Бухара, Хийўа ҳәм Ташкент қалаларының бай тарийхый мийрасы ҳаққында мағлыўмат алды. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Туризм комитети тәрепинен таярланған елимиздиң тарийхый ҳәм диний зыярат етиў орынларына бағышланған арнаўлы видеороликлер көрсетилди.

Ҳәптесине еки мәрте әмелге асырылып атырған "Ташкент - Исламабад" ҳәм "Ташкент - Лахор" тиккелей авиақатнаўлары Өзбекстан ҳәм Пакистан халықларын және де жақынластырыўда әҳмийетли орын ийелейтуғыны айрықша атап өтилди.

Бағдарлама шеңберинде өзбек дипломатының шаңарағы дәстүрий өзбек тағамы - Ташкент той палаўын таярлады. Сондай-ақ, өзбек самсасын таярлаў бойынша шеберлик сабағы өткерилди. Тамашагөйлерге миллий мазалы өнимлер - нишолда, сүмелек, Қоқанд ҳалўасы ҳәм шақ-шақ таярлаў дәстүрлери ҳаққында айтып берилди. Көрсетиў жуўмағында пискен палаў ифтар дастурханына қойылды.