Оған бола, туристлик кластер статусы комплексли туристлик хызметлер және туристтиң ҳәм экскурсанттың талапларын қанаатландырыў ушын зәрүр болған басқа да қосымша хызметлерди көрсетиўши ғәрезсиз шөлкемлер және жеке тәртиптеги исбилерменлер комплексине бериледи.
Туристлик кластерлер белгиленген тәртипте туристлик кластер статусы ҳаққындағы гүўалықты алған ўақыттан баслап шөлкемлестирилген болып есапланады.
Туризм комитети туристлик кластер статусын бериў бойынша ўәкилликли уйым есапланады.
Онда, арза бериўши электрон тәризде ямаса почта арқалы белгиленген түрдеги арза менен ўәкилликли уйымға мүрәжат етеди.
Туристлик кластерлерди шөлкемлестириў ҳәм туристлик кластер статусын алыў ушын исбилерменлик субъектлери төмендеги талапларға жуўап бериўи керек, соның ишинде:
туристлик кластер жумысы туроператор - мийманхана - транспорт - хызметлерин көрсетиў менен толық қамтып алынғанлығы;
туристлик кластер аймағында сыйымлылығы кеминде 40 мийманға мөлшерленген жайластырыў жериниң бар екенлиги;
туристлик кластер аймағында жергиликли өнерментшилик өнимлерин (естелик саўғалары) сатыў шақапшаларының (кеминде бир саўда орны) бар екенлиги.