Режеге бола, электр энергетика системасы жумысының төмендеги технологиялық бузылыўлары мәжбүрий түрде тексерилиўи ҳәм есапқа алыныўы шәрт:

электр қурылмаларының эксплуатация дәўиринде, сондай-ақ, режели оңлаў, профилактикалық көриктен өткериў ҳәм сынаўлар процесинде анықланған зыянланыў жағдайлары;

электр қурылмалары ҳәм олардың элементлерин истен шығарған, техникалық (технологиялық) жағдай параметрлериниң рухсат етилмеген дәрежеде шетке шығыўы;

тутыныўшыларға электр энергиясын азлап ямаса толық режелестирилмеген тәризде жеткерип бериўдиң тоқтатылыўы.

Технологиялық бузылыў жағдайлары өзгешелиги ҳәм ақыбетиниң аўырлығына қарап, авариялар, I ҳәм II дәрежедеги истен шығыўларға бөлинеди.

Технологиялық бузылыўларды тексериў олар анықланған ўақыттан басланып, 10 күн ишинде жуўмақланыўы керек.

Электр энергиясын ислеп шығарыўшы, сақлаўшы, узатыўшы ҳәм бөлистириўши кәрханада ҳәм оған тийисли электр тармақларында жүз берген барлық технологиялық бузылыўлар усы электр энергетикасы объекти тәрепинен есапқа алынады.