Жер астын геологиялық жақтан үйрениў бойынша жумысларды мәмлекетлик есапқа алыў тәртиби белгиленди

    28 шілде 2025 1405

    Ҳүкимет қарары (467-сан, 26.07.2025 ж.) менен "Жер астын геологиялық жақтан үйрениў бойынша жумысларды мәмлекетлик есапқа алыў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды.

    Реже юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен Өзбекстан аймағында әмелге асырылып атырған жер асты участкаларын геологиялық жақтан үйрениў жумыслары менен байланыслы процесслерди мәмлекетлик есапқа алыў тәртибин белгилейди.

    Жер астын мәмлекет тәрепинен геологиялық жақтан үйрениў жумыслары системаның шөлкемлериниң Жер астынан пайдаланыў орайына "Геомониторинг" мәлимлеме системасы арқалы буйыртпа тийкарында тийисли мағлыўматларды киргизиў арқалы мәмлекет есабына алынады.

    Жер астынан пайдаланыў орайы буйыртпа келип түскен күннен баслап 5 жумыс күни ишинде буйыртпаны ҳәм оған қосымша етилген мағлыўматлар усынылғанын тексереди.

    Ҳүжжетлер толық усынылған жағдайда, буйыртпаны "Геомониторинг" мәлимлеме системасында тийисли тәртип саны менен есапқа алады ҳәм система шөлкемлерин хабардар етеди.

    Жер астынан пайдаланыўшылар жер астын геологиялық жақтан үйрениў жумысларын мәмлекет есабына алынғаны ҳаққындағы хабар алынған күннен баслап жер астын геологиялық жақтан үйрениў жумысларын әмелге асырыўға тийкар болады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates