Түркия компаниясы 1 300 ден аслам өзбекстанлыларды жумысқа алады

    Жумыс бериўши тәрепинен барыў ҳәм жасаў қәрежетлери қаплап берилип, үш мәрте ыссы аўқат, арнаўлы кийим-кеншек ҳәм қорғаў қураллары ажыратылады.

    Түркияның ең ири қурылыс компанияларынан бири - “Kalyon Insaat Sanayi Ve Ticaret A.Ş.” менен Миграция агентлиги бирге ислесиўди кеңейтеди.

    Бул ҳаққында Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги басшылығы ҳәм Түркияның “Kalyon Insaat Sanayi Ve Ticaret A.Ş.” компаниясы ўәкиллериниң ушырасыўында айтылды.

    Онда, еки мәмлекеттиң мийнет миграциясы тараўындағы бирге ислесиўин системалы даўам еттириў, Өзбекстан пуқараларын Түркиядағы ири қурылыс жойбарларына жумысқа тартыў мәселелери додаланды.

    Компания 1974-жылдан берли қурылыс, энергетика ҳәм транспорт тараўларында Түркиядағы табыслы жойбарларды әмелге асырып келмекте.

    Атап айтқанда:

    Истанбул аэропорты;

    Босфор астындағы Мармарай темир жол туннельи;

    Карапинар қуяш электр станциясы усылар қатарына киреди.

    Биринши басқышта, 60 ўатанласымыз усы жылдың 1-декабрь күни Түркияға ушып кетеди. Келисимге бола, жол қәрежетлери, турақ жай, үш мәрте ыссы аўқат ҳәм арнаўлы кийим-кеншек ҳәм қорғаў қураллары жумыс бериўши тәрепинен қапланады. Сондай-ақ, жақсы айлық, мийнет ҳуқықлары кепилленеди.

    "Түркияда жумысқа қабыл етилип атырған өзбекстанлылардың мийнет хызметин мониторинг етемиз ҳәм келеси жыл январь айында 1 мың 350 қәнигени Түркия базарында жумыс пенен тәмийинлеймиз," - деди “Kalyon Insaat Sanayi Ve Ticaret A.Ş.” компаниясының инсан ресурсларын басқарыў директоры Akin Kırchichek.