Түркменстан менен еки тәреплеме келисимлердиң салмақлы топламы қабыл етилди

    Жоқары дәрежедеги нәтийжели сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов Бирликтеги билдириўге қол қойды.

    Буннан тысқары, мәмлекет басшылары жанында қол қойылған төмендеги ҳүжжетлер алмасылды:

    - Өзбекстан-Түркменстан шегараалды саўда зонасының жумысы ҳаққындағы шәртнама;

    - Денсаўлықты сақлаў ҳәм медицина илими тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;

    - Аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳаққында келисим;

    - Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм олардың ақыбетлерин сапластырыў тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимге қосымша киргизиў ҳаққында протокол;

    - Автомобилде халықаралық жолаўшы ҳәм жүк тасыў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимге қосымша киргизиў ҳаққында протокол;

    - Әдиллик министрликлери арасында 2026-2027-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы;

    - 2026-2027-жылларға мөлшерленген мәденият тараўындағы бирге ислесиў бағдарламасы;

    - Нефть өнимлери ҳәм суйық химиялық жүклерди тасыў мақсетинде темир жол вагонларын жеткерип бериў тараўында бирге ислесиў ҳаққында меморандум;

    - Биологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелери бойынша өз-ара түсинисиў меморандумы;

    - Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты ҳәм Түркменстан Сыртқы ислер министрлигиниң Халықаралық қатнасықлар институты арасында Өзбекстан-Түркменстан экспертлер кеңесин шөлкемлестириў ҳаққындағы меморандум;

    - Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Нызамшылық ҳәм ҳуқықый сиясат институты менен Түркменстан мәмлекети, ҳуқық ҳәм демократия институты арасында бирге ислесиў ҳаққында меморандум;

    - 2026-2030-жылларға мөлшерленген тоғай хожалығы тараўындағы бирге ислесиў бойынша "жол картасы";

    - Сурхандәрья, Қашқадәрья ўәлаятлары ҳәкимликлери менен Лебап ўәлаяты ҳәкимлиги, Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги менен Ахал ўәлаяты ҳәкимлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен Ташаўыз ўәлаяты ҳәкимлиги арасында саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates