Буннан тысқары, мәмлекет басшылары жанында қол қойылған төмендеги ҳүжжетлер алмасылды:
- Өзбекстан-Түркменстан шегараалды саўда зонасының жумысы ҳаққындағы шәртнама;
- Денсаўлықты сақлаў ҳәм медицина илими тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
- Аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳаққында келисим;
- Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм олардың ақыбетлерин сапластырыў тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимге қосымша киргизиў ҳаққында протокол;
- Автомобилде халықаралық жолаўшы ҳәм жүк тасыў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимге қосымша киргизиў ҳаққында протокол;
- Әдиллик министрликлери арасында 2026-2027-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы;
- 2026-2027-жылларға мөлшерленген мәденият тараўындағы бирге ислесиў бағдарламасы;
- Нефть өнимлери ҳәм суйық химиялық жүклерди тасыў мақсетинде темир жол вагонларын жеткерип бериў тараўында бирге ислесиў ҳаққында меморандум;
- Биологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелери бойынша өз-ара түсинисиў меморандумы;
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты ҳәм Түркменстан Сыртқы ислер министрлигиниң Халықаралық қатнасықлар институты арасында Өзбекстан-Түркменстан экспертлер кеңесин шөлкемлестириў ҳаққындағы меморандум;
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Нызамшылық ҳәм ҳуқықый сиясат институты менен Түркменстан мәмлекети, ҳуқық ҳәм демократия институты арасында бирге ислесиў ҳаққында меморандум;
- 2026-2030-жылларға мөлшерленген тоғай хожалығы тараўындағы бирге ислесиў бойынша "жол картасы";
- Сурхандәрья, Қашқадәрья ўәлаятлары ҳәкимликлери менен Лебап ўәлаяты ҳәкимлиги, Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги менен Ахал ўәлаяты ҳәкимлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен Ташаўыз ўәлаяты ҳәкимлиги арасында саўда-экономикалық, илимий-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер.