Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасында жоқары билимлендириў, илимий изертлеўлер ҳәм инновациялар тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Тәреплер еки мәмлекет ушын әҳмийетли болған бағдарларда кадрлар таярлаў, профессор-оқытыўшылар алмасыўын кеңейтиў, қоспа билимлендириў бағдарламаларын жаратыў ҳәм илимий жойбарларды әмелге асырыў сыяқлы бағдарларда бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли екенин атап өтти.
Сөйлесиўлер жуўмағында жоқары билимлендириў ҳәм илим тараўындағы шерикликти кеңейтиў, қоспа билимлендириў бағдарламаларын жолға қойыў, стартаплар тараўында академиялық алмасыў ҳәм бирге ислесиўди жеделлестириў, студентлер ушын грантлар ажыратыў, сондай-ақ, 2026-жылы Ректорлар форумын өткериўге келисип алынды.
Илаж соңында Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Инновациялық раўажланыў агентлиги ҳәм Әзербайжан Республикасы Илим ҳәм билимлендириў министрлиги жанындағы Илим ҳәм жоқары билимлендириў бойынша мәмлекетлик агентлиги арасында өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды.