Форумда Өзбекстан делегациясына Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Ходжаев, Монголия тәрепине болса Монголия Бас министриниң орынбасары Сайнбуянгийн Амарсайхан басшылық етти.
Илаж модераторлары сыпатында Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Илзат Касимов ҳәм Монголия Миллий саўда-санаат палатасы Халықаралық бирге ислесиў департаментиниң директоры Солонго Энхсайхан қатнасты.
Форум қатнасыўшыларына мүрәжат етип, Жамшид Ходжаев соңғы жыллары Жаңа Өзбекстанда бизнес орталығы ҳәм инвестициялық тартымлылықты жақсылаў бойынша әмелге асырылған кең көлемли реформаларға итибар қаратты. Нәтийжеде, мәмлекеттиң ЖИӨ еки есеге артып, биринши мәрте 100 миллиард доллардан асты, 2024-жылы экономикалық өсиў пәти 6,5% ти қурады. Мәмлекетке 70 миллиард доллардан аслам тиккелей сырт ел инвестициялары тартылды.
Өзбекстан ҳүкиметиниң сырт ел инвесторларын толық қоллап-қуўатлаўға ҳәм қоспа жойбарларды табыслы әмелге асырыў ушын барлық шараятларды жаратыўға таяр екени және бир мәрте тастыйықланды.
Өз-ара пайдалы бирге ислесиў ушын тийкарғы бағдарлар белгиленди. Соның ишинде, саўда тараўында мийўе-овош өнимлери, төгинлер, қурылыс материаллары, фармацевтика, турмыслық техника, тоқымашылық, аяқ-кийим, гөш, былғары, жүн өнимлериниң экспорты, саўда үйлери ҳәм көргизбелер шөлкемлестириў сыяқлы басламалар алға қойылды.
Еки мәмлекет арасындағы санаат кооперациясы былғары, жүн ҳәм кашемирди қайта ислеў, электр үскенелери, машиналар ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыў бойынша қоспа кәрханаларды шөлкемлестириў арқалы раўажланады.
Аўыл хожалығы ҳәм шарўашылық бағдарларында ыссыханалар қурыў, тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизиў, зүрәәтти сақлаў ҳәм қайта ислеў бойынша жойбарлар алға қойылды.
Пайдалы қазылма кәнлерин излеў ҳәм өзлестириў бойынша биргеликтеги жойбарлар үлкен перспективаларға ийе екени атап өтилди.
Өз гезегинде, Монголия Бас министриниң орынбасары Сайнбуянгийн Амарсайхан Өзбекстанда жаратылған қолайлы инвестициялық орталықты жоқары баҳалап, Монголия исбилерменлерин өзбек шериклери менен жедел ҳәм исенимли бирге ислесиўге шақырды.
Форум жуўмағында жүн, аралас гезлемелер, тоқымашылық ҳәм былғары өнимлерин Өзбекстанда ислеп шығарыўға байланыслы қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша еки тәреплеме ҳүжжетлер алмасыў мәресими болып өтти.
Форум шеңберинде «Made in Uzbekistan» миллий өнимлери көргизбеси ашылды, онда өзбек ислеп шығарыўшыларының өнимлери көрсетилди. В2В ҳәм G2В ушырасыўлары өткерилди. Исбилерменлер әмелий бирге ислесиў бағдарларын додалап, кейинги бирге ислесиў ушын анық қәдемлерди белгилеп алды, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.