Делегация қурамында Сирия экономика ҳәм санаат министриниң орынбасары Муҳаммад Хорейх, Сыртқы ислер министрлигиниң ўәкили Жамолиддин ал-Мустафо, Зергерлер ассоциациясының президенти Саид Ҳазурийлар, сондай-ақ, азық-аўқат, аўыл хожалығы, химия, тоқымашылық, қурылыс, автомобиль қурылысы, зергерлик ҳәм электротехника санааты тармақларының исбилерменлери бар, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Делегация қурылыс тараўында «UzBuild 2026» ҳәм қурылыс техникасы ҳәм технологияларына бағышланған «BuildTech-2026» халықаралық көргизбелеринде қатнасты.

Өзбекстан инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов пенен ушырасыўда Сирия тәрепи Өзбекстаннан Сирияға минерал төгин экспортын көбейтиў ҳәм қурылыс материалларын жеткерип бериўди жолға қойыў, Өзбекстан пахта талшығын импорт етиў ҳәм пахтаны Өзбекстанның усылы бойынша жетистириўди жолға қойыў, олардың елинде өзбек исбилерменлериниң қатнасыўында тоқымашылық кәрханаларын шөлкемлестириў усынысларын билдирди.

Өз гезегинде, Лазиз Қудратов Сирия тәрепиниң усынысларын қоллап-қуўатлап, Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның жумысы ушын ҳуқықый тийкарларды ислеп шығыў, еки мәмлекет арасында өз-ара саўда преференцияларын енгизиў, өз-ара стандартларды, соның ишинде, фитосанитариялық сертификатларды тән алыў, еки мәмлекет бажыхана уйымларының бирге ислесиўи зәрүрлигин атап өтти.

Буннан тысқары, Саўда-санаат палатасының имаратында биринши мәрте Өзбекстан - Сирия бизнес форумы болып өтти.

Өзбекстан тәрепинен форумда инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов ҳәм Саўда-санаат палатасының баслығы Даврон Ваҳобов шығып сөйлеп, суриялы исбилерменлерге Өзбекстанның инвестициялық тартымлылығы, санаат ҳәм экспорт потенциалын таныстырды.

Сирия саўда-санаат палаталары федерациясының президенти Алаа Алали бул сапар етиўди еки мәмлекет арасындағы экономикалық бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериўдеги әҳмийетли қәдем сыпатында атап өтти.

Сөйлесиўлерде улыўма тарийхый тамырлар ҳәм Уллы жипек жолының мийрасына сүйенген мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар бүгинги күнде саўда, санаат, аўыл хожалығы ҳәм инвестиция тараўларында әмелий шериклик тийкарында раўажланып атырғаны атап өтилди.

Сирияға өзбек инвесторларының араб базарларына шығыўы ушын платформа сыпатында қаралмақта, мәмлекетте өндиристи тиклеў ҳәм модернизациялаў жаңа имканиятлар ашады. Биргеликтеги жойбарлар, технологиялар алмасыўы ҳәм жеке меншик сектордың тиккелей сөйлесиўи еки мәмлекет арасында ҳәм регион базарларында турақлы бирге ислесиўди тәмийинлейди.

Бизнес-форум шеңберинде В2В ушырасыўлары өткерилип, оның жуўмағында тәреплер Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм Сирия Саўда-санаат палаталары федерациясы арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға ҳәм Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Ташкент қаласындағы филиалы ҳәм Хомс қаласындағы Саўда палатасы арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойды.

Сурия делегациясы Ташкент қаласындағы «Технопарк», «Crafers», «Имзо» кәрханаларында болып, электротехника, азық-аўқат ҳәм қурылыс материаллары бойынша көргизбелер менен танысты.