ЮНЕСКО Бас конференциясының 1995-жыл 16-ноябрьдеги сессиясында қабыл етилген Кеңпейиллик принциплери декларациясы дүньяда тынышлық ҳәм татыўлықты тәмийинлеў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң үстинлигин кепиллеў, тең ҳуқықлылық ҳәм өз-ара бирге ислесиў қатнасықларын раўажландырыў жолында әҳмийетли қәдем болып хызмет етпекте.
БМШ Бас Ассамблеясының қарарына бола, 1997-жылдан берли бул ҳүжжет қабыл етилген сәне, 16-ноябрь - ҳәр жылы дүньяда Халықаралық кеңпейиллик күни сыпатында белгиленеди. Буннан гөзленген мақсет - дүнья халықларын кеңпейиллик, тынышлықты сақлаў ҳәм социаллық-экономикалық абаданлыққа ерисиўге шақырыў болып табылады.
Өзбекстан әзелден кеңпейиллик, аўызбиршилик ҳәм татыўлық қорғаны болған. "Кеңпейил Өзбекстан!", "Кеңпейил өзбек халқы" сыяқлы сөзлер бийкарға пайда болмаған. Жаңа редакциядағы Конституциямызда Өзбекстан Республикасы өз аймағында жасаўшы миллет ҳәм халықлардың тиллери, үрп-әдет ҳәм дәстүрлериниң ҳүрмет етилиўин тәмийинлейтуғыны, олардың раўажланыўы ушын шараят жарататуғыны беккемлеп қойылғаны бундай ийгиликли қәдириятлардың даўамлылығын тәмийинлеўде әҳмийетли ҳуқықый тийкар болмақта.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында кең көлемли реформалар процесинде миллетлераралық ҳәм конфессиялараралық қатнасықлар бағдарында да түпкиликли өзгерислер әмелге асырылмақта. Себеби бул елде көп миллетлилик тек ғана сан емес, ал мәмлекеттиң стратегиялық байлығы сыпатында көриледи.
Усы мәниде, Президентимиздиң 2025-жыл 19-марттағы "Улыўма миллий татыўлық ҳәм сырт елдеги ўатанласлар менен байланысларды беккемлеўди жаңа басқышқа алып шығыўға байланыслы илажлар ҳаққында"ғы пәрманы ҳәм сол күни қабыл етилген "Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитетиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы қарары бул бағдардағы жумысларды сапа жағынан пүткиллей жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етпекте.
Ҳәзирги күнде елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық, 16 диний конфессия ўәкиллери кеңпейиллик, дослық ҳәм аўызбиршилик принциплери тийкарында жасап келмекте. Мәмлекетимиз басшысының адамгершилик ҳәм әдиллик принциплерине тийкарланған сиясаты нәтийжесинде елимизде улыўма миллий аўызбиршилик және де терең тамыр жаймақта. Бәршемиз ушын әзиз ҳәм қәдирли болған Ўатанымыз инсан қәдири ҳәм бахты улығланатуғын тынышлық, дослық ҳәм мийрим-шәпәәт үлкесине айланып бармақта. Усы мәнисте, Халықаралық кеңпейиллик күни халқымыз турмысында да әҳмийетли орын ийелейди ҳәм оны елимизде кеңнен белгилеў жақсы дәстүрге айланған.
Атап айтқанда, усы жылы 10-15-ноябрь күнлери мәмлекетимиз бойлап өткерилип атырған "Кеңпейиллик ҳәптелиги" шеңберинде республикамыздың барлық аймақларындағы абырайлы көркем өнер сарайлары, театрлар, концерт заллары, тамаша майданлары, сулыў қыябанлар ҳәм бағларда түрли мәдений-ағартыўшылық, илимий-әмелий илажлар режелестирилген.
Миллетлераралық ҳәм динлераралық дослық, татыўлық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге қаратылған ҳәр қыйлы илажларды өзинде жәмлеген ҳәптеликтиң дәслепки илажы Президентимиздиң идеясы тийкарында ана Ўатанымыз, мәрт ҳәм батыр, тынышлықты сүйиўши ҳәм мийнеткеш, қаҳарман халқымыздың ҳүрметине қурылған "Жаңа Өзбекстан" бағындағы Ғәрезсизлик монументине гүл қойыў мәресими менен басланды.
Ғәрезсизлик монументи елимиздиң азатлығы ҳәм турақлылығы белгиси есапланады. Онда халқымыздың көп әсирлик мәмлекетшилик тарийхы, уллы ойшыл ҳәм жаўынгер бабаларымыздың тулғалары сәўлеленген. Естеликтиң ең жоқары бөлиминде Ҳумо қусы сүўретленген.
Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитети және Дин ислери бойынша комитетиниң басшылары ҳәм хызметкерлери, миллий мәдений орайлар ҳәм дослық жәмийетлериниң белсендилери, диний конфессия ўәкиллери, ҒХҚ хызметкерлери және кең жәмийетшилик қатнасқан кеңпейиллик маршынан соң монументке гүллер қойылды. Буннан соң "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде түрли миллет ҳәм дин ўәкиллериниң қатнасыўында "Жаңа Өзбекстан" бағында нәл егиў мәресими өткерилди. Мәресимде түрли миллет ҳәм дин ўәкиллери биргеликте жақсы нийет пенен шынар нәллерин екти.
***
Халықаралық пресс-клубтың "Өзбекстан - кеңпейил дияр" темасындағы арнаўлы сессиясы да усы сәнеге бағышланды. Сессияда мәмлекетимизде соңғы жыллары барлық тараўлар қатарында диний-ағартыўшылық тараўында, атап айтқанда, диний кеңпейиллик, миллетлераралық татыўлық ҳәм динлераралық аўызбиршиликти буннан былай да беккемлеўге қаратылған ҳәрекетлер және бул бағдарда әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәниси ҳаққында сөз етилди. Сондай-ақ, Халықаралық кеңпейиллик күни мүнәсибети менен елимиз бойлап өткерилип атырған "Кеңпейиллик ҳәптелиги"нен гөзленген тийкарғы мақсет, режелестирилген кең көлемли руўхый-ағартыўшылық илажлар ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.
- Өзбекстан раўажланыўының жаңа басқышында Президентимиздиң басламасы менен жәмийетимизде диний кеңпейиллик, миллетлераралық татыўлық ҳәм социаллық турақлылықты тәмийинлеў, дүнья илиминиң ҳәм мәдениятының раўажланыўына шексиз үлес қосқан уллы ойшылларымыздың бай илимий-руўхый мийрасын терең үйрениў бойынша пуқта ойланған избе-из реформалар әмелге асырылмақта, - деди Дин ислери бойынша комитет баслығының биринши орынбасары Д.Махсудов. - Елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық және 16 диний конфессия ўәкиллери тыныш-татыў жасап, емин-еркин өз ибадатларын орынламақта. Ҳәзир мәмлекетимизде 2373 диний шөлкем жумыс алып бармақта, соннан 2174 ислам ҳәм 199 ислам емес диний шөлкем есапланады. Соңғы сегиз жылда республика бойынша жәми 134 диний шөлкем, соның ишинде, 3 жоқары ҳәм 1 орта арнаўлы ислам билим журты, 105 мешит және 25 түрли коньфессияға тийисли исламий емес диний шөлкем мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Өткен қысқа ўақыт ишинде Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий, Имам Мотуридий, Имам Термизий, Баҳаўатдин Нақшбанд халықаралық илимий-изертлеў орайлары, Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясы, Самарқандта Ҳәдис илими мектеби, Бухарада Мир Араб жоқары медресеси шөлкемлестирилди. Бул мәкемелер "Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық" ийгиликли улыўмаинсаныйлық идеясы тийкарында жумыс алып бармақта.
Спикерлер Өзбекстанда түрли миллет ҳәм дин ўәкиллери тыныш-татыў, өз-ара ҳүрмет ҳәм дослық орталығында жасап атырғаны, бул болса мәмлекетлик сиясаттың ажыралмас бөлегине айланғанын атап өтти. Сөйлесиў ўақтында дүньяда түрли келиспеўшиликлер ҳәм қарама-қарсылықлар күшейип атырған шараятта Өзбекстандағы тынышлық, турақлылық ҳәм кеңпейиллик орталығын сақлаўдың әҳмийетине итибар қаратылды.
Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитети баслығының орынбасары Б.Шукуров елимизде, бәринен бурын, улыўма миллий татыўлықты тәмийинлеўдиң әҳмийетли элементи сыпатында Өзбекстанда жасайтуғын барлық миллет ҳәм халықлардың мәденияты, тили, үрп-әдетлери, қәдириятлары менен дәстүрлерин сақлаў ҳәм жас әўладқа жеткериў мәселелерине айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти.
Соның менен бирге, спикерлер тәрепинен ислам тәлийматында кеңпейиллик ҳәм адамгершилик принциплери, миллий мәдений орайлардың жумысын қоллап-қуўатлаў мәселелери, мәмлекетлик ҳәм диний шөлкемлер арасындағы нәтийжели бирге ислесиў бойынша ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди. Өз гезегинде, диний конфессия, сондай-ақ, түрли миллет ўәкиллери де өз пикир-усынысларын билдирип, Өзбекстандағы кеңпейиллик орталығы ҳәм оларға жаратылған имканиятлар ушын миннетдаршылық билдирди.
"Кеңпейиллик ҳәптелиги"н өткериўден гөзленген мақсет - мәмлекетимизде миллетлераралық татыўлық, динлераралық аўызбиршилик ҳәм кеңпейиллик орталығын және де беккемлеў, пуқаралар арасында өз-ара ҳүрмет ҳәм тилеклеслик пазыйлетлерин үгит-нәсиятлаўдан ибарат екени айрықша атап өтилди. Миллети, тили ҳәм динине қарамастан, барлық пуқаралар бир мақсетке - елимиздиң тынышлығы ҳәм раўажланыўы жолында аўызбиршиликте ҳәрекет етип атырғаны мәмлекетимиздиң ең үлкен жетискенлиги екени атап өтилди.
Баҳор ХИДИРОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы





