баннер
23 Mar 2025
17:07

    Улыўма миллий тилеклеслик ҳәм аўызбиршиликти тәмийинлеў бойынша жәмийетлик кеңеслер шөлкемлестириледи

    Миллетлераралық татыўлық, кеңпейиллик ҳәм аўызбиршиликти тәмийинлеў бойынша жәмийетлик кеңеслер Улыўмамиллий тилеклеслик ҳәм аўызбиршиликти тәмийинлеў бойынша жәмийетлик кеңеслер деп қайта аталады.

    "Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитетиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-115-санлы, 19.03.2025 ж.) қабыл етилди.

    Қарарға бола, Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитет ҳаққындағы реже тастыйықланды.

    Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, район (қала) ҳәкимликлери жанындағы Миллетлераралық татыўлық, кеңпейиллик ҳәм аўызбиршиликти тәмийинлеў бойынша жәмийетлик кеңеслер Улыўмамиллий тилеклеслик ҳәм аўызбиршиликти тәмийинлеў бойынша жәмийетлик кеңеслер деп қайта аталады.

    Министрлер Кабинети Комитет жанындағы жәмийетлик кеңестиң жаңаланған қурамын ҳәм аймақлық жәмийетлик кеңеслердиң жаңаланған (үлги) қурамын мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ағзалары, илим ҳәм мәденият ғайраткерлери және пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының ўәкиллеринен ибарат қурамда тастыйықлайды.

    Комитет жанындағы жәмийетлик кеңес мәсләҳәт-кеңес уйымы есапланып, Комитетке жүкленген ўазыйпа ҳәм миннетлемелердиң орынланыўына көмеклеседи.

    Комитет "Ватандошлар" жәмийетлик фонды, миллий мәдений орайлар ҳәм дослық жәмийетлерине турақлы түрде мәлимлеме, мәсләҳәт, шөлкемлестириў ҳәм методикалық жақтан жәрдем көрсетип барады.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech