Мағлыўмат ушын: Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 30-октябрьдеги 5863-санлы Пәрманына муўапық, 2022-жыл 1-январьдан баслап зәҳәрлилик дәрежеси "Евро-4" экологиялық категориясы талапларына жуўап бермейтуғын газ, бензин ҳәм дизель двигателлери менен үскенеленген "М" ҳәм "N" категориясындағы дөңгелекли транспорт қуралларынан пайдаланыў ҳәм оларды сатыў қадаған етиледи.
Усы күнге шекем бул талаплар Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 30-январьдағы "Республикамызға алып кирилетуғын "М" ҳәм "N" категориясындағы дөңгелекли жаңа транспорт қуралларын экологиялық сертификатластырыў тәртиби ҳаққындағы реже ҳаққында"ғы 50-санлы қарары менен тастыйықланған экологиялық сертификатластырыў системасы арқалы тәртипке салынып келинген еди.
Президенттиң 2025-жыл 27-февральдағы "Хызметлер тараўын турақлы раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы ПП-78-санлы қарарына муўапық, Өзбекстанға алып кирилип атырған "М" ҳәм "N" категориясындағы жаңа дөңгелекли транспорт қуралларын экологиялық сертификатлаў бойынша мәмлекетлик хызметлер ҳәм функциялар жеке меншик секторға өткерилди.
Сонлықтан Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 19-сентябрьдеги 597-санлы қарары қабыл етилди. Ҳүжжетке муўапық, мәмлекетимизге алып кирилип атырған жаңа "М" ҳәм "N" категориясындағы дөңгелекли транспорт қуралларының экологиялық талапларға муўапықлығы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 25-апрельдеги 237-санлы қарары менен тастыйықланған "Дөңгелекли транспорт қуралларының қәўипсизлиги ҳаққындағы улыўма техникалық регламент" тийкарында баҳаланады.
Онда, транспорт қуралларының "Евро-4" экологиялық категориясы талапларына муўапықлығын тексериў транспорт қуралларының муўапықлығын баҳалаў системасының ажыралмас бөлеги есапланады ҳәм аккредитациядан өткен муўапықлықты баҳалаў уйымлары тәрепинен әмелге асырылады.
Усы тәризде Өзбекстанға алып кирилип атырған "М" ҳәм "N" категориясындағы дөңгелекли транспорт қуралларын сертификатлаў тәртиплери әдеўир әпиўайыластырылды.