Бундай жағдайда суў ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири.
Жыл басында суў сақлағышларда резерв жетерли дәрежеде таярланғаны, каналларды бетонластырыў ҳәм суўды үнемлейтуғын технологиялар орнатыўдың қамтып алыўын кеңейтиў, санластырыў ҳәм басқа да реформалар есабынан суўғарыў мәўсиминде белгили нәтийжелерге ерисилди.
Бүгинги жағдайға бола, трансшегаралық суў сақлағышлар менен есаплағанда елимиздиң суў резерви өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 6,5 миллиард куб метр азайған. Ишки суў сақлағышларымызда болса 3 миллиард куб метр суў жетиспеўшилиги бар.
Усы қыйын жағдайды есапқа алған ҳалда соңғы жыллары суў хожалығы системасын түп-тийкарынан реформалаў, суў резервлеринен үнемли пайдаланыўға қаратылған кең көлемли жумыслар исленбекте. Атап айтқанда, тараўды модернизациялаў ушын кейинги 5 жылда бюджеттен ажыратылған 60 триллион сум және 622 миллион долларлық сырт ел инвестициясы ирригация системасына қаратылды.
Президентимиз мәмлекетимизде Суўды үнемлеў бойынша пүткил жер жүзилик форумды өткериў, 2026-2036-жылларды "Орайлық Азияда суўдан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша әмелий ҳәрекетлер он жыллығы" деп жәриялаў басламаларын алға қойды.
Бул басламалар тек ғана мәмлекетимиз халқының емес, ал пүткил регион халықларының абаданлығын тәмийинлеўге хызмет ететуғын илажларды белгилеп бермекте. Бул, өз гезегинде, Президентимиздиң тараў ўәкиллерине жаратып берген имканияты, қоңсылардың мәмлекетимиз басшысына ҳүрмети ҳәм дослық қатнасықларының нәтийжеси, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 15-августтағы тийисли қарары менен Өзбекстан Республикасында суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация секторын раўажландырыўдың 2025-2028-жылларға мөлшерленген бағдарламасы тастыйықланды. Бул бағдарлама Өзбекстан Республикасы суў хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген концепциясы ҳәм "Өзбекстан - 2030" стратегиясында белгиленген илажлар, мақсетли көрсеткишлер ҳәм параметрлерге ерисиўге қаратылған.
2025-жылы ирригация объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў жумысларына 1 триллион 356 миллиард сум ажыратылды. Сондай-ақ, мелиорация объектлеринде 95,3 миллиард сум есабынан 295,5 километрлик коллектор-дренаж тармақлары реконструкцияланды. Министрлик системасындағы насос станцияларында орнатылған 157 насос ҳәм 166 электр двигатель жаңасына алмастырылды.
Насос станциялары 2018-жылы 8,3 миллиард киловатт саат электр энергиясын жумсаған болса, 2025-жылдың жуўмағы бойынша бул көрсеткиш 6,4 миллиард киловатт саатты қурайтуғыны күтилмекте. Усы тәризде электр энергиясынан пайдаланыўды жети жылда 1,9 миллиард киловатт саат азайтыўға ерисилди.
Суў хожалығы тараўында нәтийжелиликке ерисиўдиң бирден-бир жолы - санластырыў. Бул арқалы ашық-айдынлық ҳәм анықлық тәмийинленеди, коррупцияның алды алынады. Соның ушын, соңғы төрт жылда 13 мың 254 суў алыў орнында "ақыллы суў", 10 мың 983 мелиоративлик бақлаў қудығында жер асты суў көрсеткиши ҳәм жердиң минералласқанлық дәрежесин қадағалаўшы “DIVER” қурылмасы, 1749 насос станциясында суўдың жумсалыўын мониторинг етиў қурылмасы орнатылды. Ири 100 суў хожалығы объектиниң басқарыўы автоматластырылды.
Суў хожалығы министрлиги жанында "Жағдайлар орайы" шөлкемлестирилди. Тараўдағы 10 мәлимлеме системасы жетилистирилип, мағлыўматларды жыйнаў, улыўмаластырыў ҳәм таллаў имканиятын беретуғын "Санлы суў хожалығы" бирден-бир платформасы иске қосылды.
Сондай-ақ, 2,6 миллион гектар майдан суўды үнемлейтуғын технологиялар менен қамтып алынды ҳәм суўғарылатуғын майданларға салыстырғанда үлеси 60 процентке жеткерилди. Соның ишинде, 664 мың гектарда тамшылатып, 121 мың гектарда жаўынлатып, 73 мың гектарда дискрет ҳәм 123 мың гектарда басқа түрдеги суўғарыў технологиялары енгизилди және 1,6 миллион гектар жер лазер үскенеси жәрдеминде тегисленди. Нәтийжеде әйне суўды үнемлейтуғын технологиялар есабынан 2025-жылы 2,3 миллиард куб метр суў үнемленди.
Таллаўларға бола, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў арқалы суў ресурсларын 45-50, жанылғы-майлаў материаллары ҳәм минерал төгинлерди 25-35 процентке қысқартыў мүмкин. Соның менен бирге, өнимдарлық 15-20 процентке шекем артады.
Каналларды бетонластырыў себепли суўдың жоғалыўының алды алынбақта. Нәтийжеде егислик майданлар ҳәм қыйтақ жерлерге кепилленген суў жеткерип бериўге ерисилмекте. Есап-санақларға бола, тек ғана канал ҳәм салмаларды бетонлаў есабынан жылына орташа 1 миллиард куб метрден аслам суў жоғалтылыўының алды алынбақта.
Улыўма етип айтқанда, 2025-жылы 10 миллиард куб метрге шамалас суў ресурслары үнемленди. Суў объектлеринде суўды басқарыў ҳәм қосымша агротехникалық илажларды өткериў арқалы 3,4 миллиард, суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиў есабынан 2,9 миллиард, ирригация тармақларында оңлаў-тиклеў ҳәм реконструкция илажлары есабынан 3 миллиард куб метрге шамалас, суў хожалығында мәлимлеме-коммуникация ҳәм санлы технологияларды енгизиў есабынан 0,7 миллиард куб метр суў ресурсларының үнемлениўине ерисилди.
Соның менен бирге, "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасы шеңберинде суў тәмийнаты аўыр мәҳәллелердеги халықтың қыйтақ жерлерин суў менен тәмийинлеў жойбарлары ушын бюджеттен 1,2 триллион сум қаратылды.
Усы бағдарламаға муўапық, 886 жойбар шеңберинде 1850,9 километр канал, 202,1 километр лоток тармағы, 844 суўғарыў қудығы, 438 насос агрегаты, 2,9 километр коллектор тармағы, 2 мелиоративлик тик қудық, 14 гидротехникалық қурылма және 385,2 километр басымлы қубырларды қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары орынланды. Нәтийжеде 494,3 мың шаңарақтың 88 мың гектар қыйтақ жеринде суў тәмийнаты жақсыланды.
2025-жыл 30-июльде Суў кодекси қабыл етилгени тараўдың раўажланыўында әҳмийетли ўақыя болды. Оған муўапық мәмлекетимизде суў қатнасықлары тараўындағы тийкарғы ҳуқықый ҳүжжетлер системаластырылды. Суў кодексиниң күшке кириўи мүнәсибети менен усы жыл 17-ноябрьде Ташкент қаласында халықаралық суў бирге ислесиўи ҳәм Өзбекстан Республикасының суў нызамшылығын жетилистириўге бағышланған халықаралық конференция өткерилди.
Конференцияда Суў кодексиниң презентациясы өткерилди ҳәм суў тәмийнатын жақсылаў, суўды үнемлеў технологияларын енгизиў, әсиресе, Аралбойы аймағында халыққа қаратылған бағдарламаларды раўажландырыў бойынша биргеликтеги басламаларды додалаўға итибар қаратылды.
Жақында Президентимиз Аўыл хожалығы тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллериниң қатнасыўында сөйлесиў өткерди. Сөйлесиў ўақтында дийқан, фермер, бағман, шарўа, суўшы, агроном ҳәм механизаторлардың мийнети тән алынды.
Келеси жылы мәмлекетимизде пахтадан 4,5 миллион тонна, ғәлледен 10 миллион тонна зүрәәт алыў мөлшерленбекте. Буған, әлбетте, суўшылар да мүнәсип үлес қосады. 2026-жылы да суўшылар бир жағадан бас шығарып, суўды белгиленген лимит тийкарында жеткерип бериў, суўды имканы болғанынша үнемлеў, дийқан ҳәм мийнеткешлерге қанат болып, үлкен қырманлардың көтерилиўине үлес қосыў ушын бар күш-ғайратын жумсайды.
Шавкат ҲАМРОЕВ,
суў хожалығы министри