Мақсетлер:

  • миллий кибер турақлылықты беккемлеў, әҳмийетли мәлимлеме ҳәм мәмлекетлик санлы инфраструктураны қорғаў;
  • киберқәўип-қәтерлерди системалы түрде азайтыў ҳәм пуқаралар, жеке меншик сектор ҳәм мәмлекеттиң санлы қәўипсизлиги дәрежесин арттырыў;
  • кибержынаятшылыққа қарсы жедел гүресиў;
  • киберқәўипсизлик тараўында санлы инновациялар, жасалма интеллект технологияларын раўажландырыў ҳәм технологиялық ғәрезсизликти беккемлеў;
  • халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм кибермәканды глобал тәртипке салыў процесслеринде қатнасыў.

Ўазыйпалар:

  • киберқәўиплерге қарсы гүресиў миллий орайларын ҳәм оларды ерте анықлаў, сондай-ақ, киберқәўиплер ҳаққындағы мағлыўматларды жедел алмасыў системаларын шөлкемлестириў;
  • санлы идентификациялаў, аутентификациялаў ҳәм пайдаланыў имканиятларын басқарыў миллий инфраструктурасын, сондай-ақ, жергиликли программалық ҳәм аппаратлық шешимлерди раўажландырыў;
  • мағлыўматларды қорғаў тараўында нызамшылықты жетилистириў ҳәм стандартларды енгизиў;
  • санлы криминалистика имканиятларын ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының қәнигелескен бөлимлериниң потенциалын кеңейтиў;
  • халықаралық кибершынығыўларда, келисимлерде ҳәм киберинцидентлерди биргеликте тексериўде қатнасыў.

Ҳүжжет пенен:

  • 2026-2030-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасының киберқәўипсизлик стратегиясы;
  • Өзбекстан Республикасының 2026-2030-жылларға мөлшерленген Киберқәўипсизлик стратегиясын әмелге асырыў бойынша "жол картасы".

2026-жыл 1-апрельден Әдиллик министрлиги, Энергетика министрлиги ҳәм Салық комитетиндеги тийисли структуралық бөлимлер негизинде әмелдеги штат бирликлери шеңберинде кеминде 4 штат бирлигинен ибарат Киберқәўипсизликти тәмийинлеў бөлимлери шөлкемлестириледи.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде де әмелдеги штат бирликлери шеңберинде тийисли бөлимлер (система бойынша) шөлкемлестириледи. Қалған мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тек ғана киберқәўипсизликти тәмийинлеў бойынша аутсорсинг хызметлерин көрсетиўши шөлкемлердиң реестрине киргизилген юридикалық шахслардың хызметлеринен пайдаланыўы мүмкин.

Сондай-ақ, Президент жанындағы Қәўипсизлик кеңеси хаткериниң басшылығында Киберқәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша миллий муўапықластырыўшы кеңес шөлкемлестирилмекте.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң, сондай-ақ, әҳмийетли мәлимлеме инфраструктурасы субъектлериниң мәлимлеме системалары ҳәм ресурсларының киберқәўипсизлик пенен байланыслы әззи тәреплери ҳәм кемшиликлерин анықлаў бойынша арнаўлы электрон платформада таңлаўлар өткериў режелестирилмекте.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 11.03.2026-жылдан күшке кирген, деп жазады «Norma».