Қарарға муўапық, Өзбекстан Ҳүкимети менен Бирлескен Араб Әмирликлери Ҳүкимети арасында инвестицияларды өз-ара хошаметлеў ҳәм қорғаў ҳаққындағы келисим тастыйықланды.
Келисимге 2025-жыл 15-январь күни Абу-Даби қаласында қол қойылды.
Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги усы халықаралық шәртнаманы әмелге асырыўға жуўапкер болған ўәкилликли уйым етип белгиленди.
Министрлер Кабинети ҳәм тийисли министрликлер менен ведомстволардың басшылары усы халықаралық шәртнама күшке киргеннен кейин оның қағыйдаларының әмелге асырылыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлейди.









