Қарарға муўапық, Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети менен Аўғанстан арасында жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисим тастыйықланды.
Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги және Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Бажыхана комитети усы халықаралық шәртнаманы әмелге асырыў ушын жуўапкер болған ўәкилликли уйымлар етип белгиленди.
Сыртқы ислер министрлиги Өзбекстан Республикасы тәрепинен усы халықаралық шәртнаманың күшке кириўи ушын зәрүр болған мәмлекет ишиндеги тәртип-қағыйдалар орынланғаны ҳаққында Аўғанстан тәрепине тийисли хабарнама жибереди.