Қол қойыў мәресиминде Uzbekistan Airports басқарма баслығы Жавлонбек Умархўжаев, Incheon International Airport Corporation президенти Ли Хак Дже ҳәм "Үргенш" халықаралық аэропорты директоры Ойбек Маткаримов қатнасты. Илажға Өзбекстан транспорт министри Илҳом Маҳкамов басшылық етти.
Incheon International Airport Corporation менен бирге ислесиў Өзбекстанның аеропорт инфраструктурасын раўажландырыўда жаңа бет ашады. Қубла кореялы кәсиплеслеримиздиң дүнядағы ең жақсы аеропортлардан бирин басқарыў бағдарындағы тәжирийбеси алдынғы технологияларды енгизиў, жолаўшыларға хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў ҳәм мәмлекетимиздиң транзит потенциалын беккемлеў ушын беккем тийкар болады", - деп атап өтти Uzbekistan Airports басқармасы баслығы Жавлонбек Умархўжаев.
Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисим аэропортты модернизациялаў ҳәм басқарыў жойбарын биргеликте әмелге асырыўды нәзерде тутады. Жеке меншик шериктиң күшлери менен жолаўшы ҳәм жүк терминалларын қурыў ҳәм басқарыў, жерде хызмет көрсетиў тәмийинлениўи керек. Аэродром комплексин (ушыў-қоныў жолы, перрон) қурыў ҳәм басқарыў мәмлекетлик шериктиң өзинде қалады.
Еслетип өтемиз, "Қурылыс, басқарыў, өткериў" (Build-Operate-Transfer - BOT) модели тийкарында "Үргенш халықаралық аэропортын модернизациялаў ҳәм басқарыў" жойбарын әмелге асырыў бойынша тендер 2024-жыл 1-августта жәрияланған ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-августтағы ПҚ-308-санлы қарары менен басланған ҳәм Транспорт министрлиги және Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте Uzbekistan Airports тәрепинен әмелге асырылмақта.
Усы жылдың апрель айында тендердиң барлық басқышлары жуўмақланды ҳәм жеңимпаз - Incheon International Airport Corporation - Инчхон аэропортын басқарыўшы компания (Сеул, Қубла Корея) жәрияланды. Инчхон халықаралық аэропорты - Қубла Кореяның тийкарғы ҳаўа порты, Арқа-Шығыс Азиядағы ең ири транспорт хабларынан бири болып, бир неше мәрте дүньяның ең раўажланған ҳәм ең тығыз аэропортларының топ-10 лығына кирген. 2024-жылдың жуўмақларына бола, Инчхон аэропорты 80 миллионнан аслам жолаўшыға хызмет көрсеткен.








