Uzbekistan Airports Германияның Helaba Landesbank Hessen-Thüringen банки менен финанслық келисимге қол қойды

    24 қыркүйек 2025 1145

    2025-жыл 23-сентябрьде Uzbekistan Airports Германияның абырайлы институты - Helaba Bank пенен тиккелей сырт ел қаржыландырыўы бойынша келисимге қол қойды.

    Келисим шеңберинде компанияға суверен кепилликсиз узақ мүддетли қаржыландырыў бериледи. Қаржылар халықаралық аэропортларды заманагөй қәнигелескен үскенелер жәрдеминде модернизациялаўға бағдарланады.

    "Бул тек ғана компаниямыз ушын ғана емес, ал Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайы артып баратырғанының тән алыныўы болып есапланады. Европаның жетекши банклери тәрепинен билдирилген исеним мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин тастыйықлайды. Қаржыландырыў аэропортларды модернизациялаўды жеделлестириў, заманагөй технологияларды енгизиў, жолаўшылар ҳәм шериклер ушын жәҳән дәрежесиндеги шараятларды жаратыў имканиятын береди. Келисим авиация инфраструктурасын раўажландырыўға жаңа түртки беретуғынына ҳәм Өзбекстанның региондағы әҳмийетли транспорт түйини сыпатындағы ролин беккемлейтуғынына исенемиз", - деп атап өтти "Uzbekistan Airports" баспасөз хызмети.

    Келисимге қол қойылыўы соңғы жылларда "Uzbekistan Airports"та әмелге асырылған трансформация процесслери, басқарыў ҳәм финанслық реформалардың нәтийжеси болды. Компанияның халықаралық базарлардағы исенимлилиги Fitch Ratings агентлиги тәрепинен биринши мәрте берилген "ВВ" дәрежесиндеги рейтинг пенен де тастыйықланды.

    Қол қойыў мәресиминде "Uzbekistan Airports" басқарма баслығы ҳәм "Helaba Bank" басшылары қатнасты.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates