Ушырасыўда тәреплер Өзбекстан пуқараларын Германияға шөлкемлескен түрде жумысқа жайластырыў, кәсипке таярлаў ҳәм немис тилин үйрениў тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелерин додалады.

Германия мийнет базарының талапларын есапқа алған ҳалда кадрлар таярлаўға айрықша итибар қаратылды. Атап өтилгениндей, Германияда медицина мийирбийкелери, айдаўшылар, мийманхана-ресторан тараўы қәнигелери ҳәм техникалық тараў ўәкиллерине талап жоқары.

Өзбекстан тәрепи Германия жумыс бериўшилериниң талап ҳәм зәрүрликлерине бағдарланған кәсиплик таярлаў бағдарламаларын кеңейтиўге таяр екенин билдирди.

Сондай-ақ, виза бериў тәртиплерин жеделлестириў, Германиядан жаңа жумыс бериўшилерди тартыў ҳәм Германияның билимлендириў шөлкемлери менен бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў ҳәм шөлкемлескен мийнет миграциясын раўажландырыўдан мәпдар екенин тастыйықлады.