«Uzbekistan Airways» авиакомпаниясының шөлкемлестирилгенине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен баспасөз әнжуманы шөлкемлестирилди.
Илажда мәмлекеттиң ең ири авиатасыўшысы болған Uzbekistan Airways Өзбекстанды ҒМДА ҳәм Орайлық Азия, Жақын ҳәм Узақ Шығыс, Европа ҳәм Арқа Америка мәмлекетлери қалалары сыяқлы 99 дан аслам жөнелислер (соннан 8 и республика ишиндеги жөнелислер) менен байланыстырып, жөнелислер тармағын жедел раўажландырып атырғаны атап өтилди.
Шығып сөйлегенлер, компанияның 2024-жылы ерискен тийкарғы көрсеткишлери ҳаққында сөз етти. Жыл даўамында авиакомпания 40 416 авиақатнаўды әмелге асырып, 6 007 151 жолаўшы тасыды. Турақлы, чартер ҳәм жүк тасыўшы авиақатнаўларда 59 276 тонна жүк тасылған.
2024-жылдың жуўмақларына бола, жолаўшы орынларының бәнтлиги 83,1 процентти қурады.
Uzbekistan Airways ҳаўа кемелери паркин толтырыўды даўам еттирди. 2024-жылы авиакомпанияның авиапарки және 5 самолётқа көбейди, олардан А320 нео - 2, АТР-72 - 2, LET-410 - 1. Буннан тысқары, 2 А-330 самолётынан пайдаланыў бойынша шәртнама 2025-жылы да создырылды.
Жөнелислер тармағын кеңейтиў бойынша да 2024-жылы бир қатар жумыслар алып барылды. Атап айтқанда:
Ташкенттен Саня, Фукуок, Махачкала, Нижневартовск; Ханчжоу, Хургада, Нячанг, Гоага;
Нөкистен: Стамбул, Алматы;
Ферғана ойпатынан: Санкт-Петербург;
Ташкенттен: Рим, Мумбай ҳәм Лаҳор, Қаршы қаласынан Санкт-Петербургқа пәрўазлар тикленди. Ҳәзирги белгили жөнелислерде пәрўазлар саны арттырылды.
"2024-жыл Uzbekistan Airways ушын әҳмийетли табыслар жылы болды. Биз тек ғана ҳаўа тасыўларының көлемин арттырыўға ғана ерисип қоймастан, ал жөнелислер тармағын кеңейтип, ҳаўа кемелери паркин толтырып, жолаўшыларымызға хызмет көрсетиўдиң жоқары сапасының кепили болған жаңа хызметлерди енгизиўге еристик. 2025-жыл - жаңа көзқараслар ҳәм үлкен режелер жылы. Жолаўшыларымыз саяхаттың ҳәр бир басқышында өзлерин максимал дәрежеде қолайлы, қәўипсиз ҳәм исенимли сезиниўи ушын жумыс ислеўди даўам еттиремиз.
2025-жылға мөлшерленген режелеримиз жаңа жөнелислерди ашыўды өз ишине алады - апрель айында Мадридке пәрўазларды тиклеймиз.
Динамикалық исбилерменлик орталығында авиация визуализацияны реаллық пенен байланыстыратуғын ҳәм стратегиялық мақсетлерди сезилерли жетискенликлерге айландыратуғын өзек болып есапланады," - деди Басқарма баслығы Шуҳрат Худайкулов.
Сондай-ақ, илажда авиакомпанияның 33 жыллығын белгилеў мүнәсибети менен авиабилетлерге шегирмелер жәрияланғаны да айтылды.
Атап айтқанда, 2025-жыл 28-январьдан жолаўшылар барлық жөнелислер бойынша авиабилетлерди тарифлерден 30 процентке шекем шегирме менен сатып алыўы мүмкин болады. Усы күни пәрўаздағы барлық жолаўшыларға авиакомпания атынан естелик саўғалары тапсырылады.