Өзбекстан ҳәм АРБ "жасыл" экономика ҳәм климат басламалары тараўында бирге ислесиўди тереңлестирмекте

    23 қыркүйек 2025 352

    Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигинде министр Азиз Абдуҳакимовтың Азия раўажланыў банкиниң (АРБ) Қубла, Орайлық ҳәм Батыс Азия бойынша вице-президенти Инмин Ян менен ушырасыўы болып өтти.

    Өзбекстан тәрепи АРБға көп жыллық бирге ислесиў, соның ишинде, шығындыларды басқарыў, институционаллық реформалар ҳәм "жасыл" экономиканы алға қойыў тараўындағы жойбарларды қоллап-қуўатлағаны ушын миннетдаршылық билдирди. АРБ делегациясының Наманганда "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" халықаралық форумында қатнасқаны ҳәм Президент Шавкат Мирзиёев пенен ушырасыўы шериклик байланысларын беккемлеўге хызмет еткени айрықша атап өтилди.

    Сөйлесиўлерде 2025-жыл Өзбекстанда "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономика жылы" деп жәрияланғаны атап өтилди. Бул бағдар шеңберинде мәмлекетимизде қайта тиклениўши энергетиканы жедел раўажландырыў ҳәм экологиялық таза технологияларды енгизиў жумыслары әмелге асырылмақта.

    Министр республикамызда Орайлық Азия қоршаған орталықты ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети (Green University) шөлкемлестирилгени, сондай-ақ, "Eco Expo Central Asia - 2025" халықаралық көргизбесиниң нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди. АРБ вице-президенти Өзбекстанның бул тараўдағы жетекшилигин жоқары баҳалады ҳәм көргизбениң турақлы түрде өткерилиўин қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

    Сондай-ақ, тәреплер бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларын белгилеп алды:

    АРБ Clean Air Actions for Better Health and Resilience басламасын әмелге асырыўда қатнасыў,

    инновациялық мониторинг технологияларын қолланған ҳалда турақлы ҳәм "ақыллы" қалаларды раўажландырыў,

    "Тәбият шегара билмейди" сүрени астында халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм Самарқандты экологиялық форумлардың орайына айландырыў.

    Министр АРБ ўәкиллерин жақын келешекте Өзбекстанда болып өтетуғын ири халықаралық илажлар: ЮНЕСКОның 43-Бас конференциясы, Жоғалып кетиў қәўпи астында турған жабайы фауна ҳәм флора түрлериниң халықаралық саўдасы ҳаққындағы Конвенция тәреплериниң 20-конференциясы (CITES CoP20), ГЭФтиң 8-Ассамблеясы ҳәм Eco Expo Central Asia - 2026 да қатнасыўға мирәт етти.

    Ушырасыў жуўмағында тәреплер шерикликти тереңлестириў ҳәм жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыў нийетинде екенин тастыйықлады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates