Өзбекстан ҳәм ALPAC Capital арасында инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары додаланды

    8 қазан 2025 508

    Усы жылдың 8-октябрь күни Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов "ALPAC Capital" инвестициялық компаниясының бас атқарыўшы директоры ҳәм "Euronews" телеканалы директорлар кеңесиниң баслығы Педро Варгас пенен ушырасты.

    Сөйлесиўлерде инвестиция тараўындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оны буннан былай да кеңейтиў, соның ишинде, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында қоспа жойбарларды әмелге асырыў перспективалары көрип шығылды.

    Тәреплер тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў, биргеликтеги басламаларды раўажландырыў, Өзбекстан аймағында перспективалы жойбарларды әмелге асырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мәселелери бойынша пикир алысты.

    Ушырасыў жуўмағында тәреплер шериклик қатнасықларын беккемлеўден өз-ара мәпдар екенин тастыйықлады ҳәм бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары бойынша мазмунлы мәсләҳәтлесиўлерди даўам еттириўге келисип алды.

    Мағлыўмат ушын: "ALPAC Capital" - Португалияның инвестициялық топары болып, 2013-жылы шөлкемлестирилген. Компания Европаға инвестиция киргизиў ушын дүньяның ҳәр қыйлы регионларынан ресурсларды тартып, өзиниң портфель компанияларының капиталы ҳәм бизнесин раўажландырыўда белсене қатнаспақта.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates