Сөйлесиўде еки мәмлекет есап палаталары арасындағы бирге ислесиў избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди. Қол қойылған бирге ислесиў ҳаққындағы меморандум бул бағдардағы байланысларды және де беккемлеў ҳәм тәжирийбе алмасыўды кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе.
Есап палаталары тәрепинен өткерилетуғын үйрениўлер ҳәм таллаўлар парламенттиң жумысы менен тығыз байланыслылығы, қадағалаў-таллаў нәтийжелери тийкарында тәсиршең парламентлик қадағалаўдың жолға қойылғаны мәмлекетлик бағдарламалардың нәтийжели орынланыўын тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.
Таллаў нәтийжелери тийкарында мәмлекетлик ҳәм аймақлық бюджетлерди қәлиплестириў, кемшиликлердиң алдын алыў бойынша профилактикалық усыныслар ислеп шығыў, коррупцияның алдын алыўға қаратылған қадағалаў системаларын санластырыў ҳәм профилактикалық механизмлерди раўажландырыў мәселелери бойынша да пикир алысылды.
Тәреплер бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, Өзбекстан ҳәм Әзербайжан парламентлери ҳәм Есап палатасы арасында тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў бойынша келисимге еристи.