Ҳәзирги ўақытта ЕТРБның Өзбекстандағы портфели 5,8 миллиард евро муғдарындағы 185 жойбар ҳәм бағдарламаны өз ишине алады. Сөйлесиўде тәреплер энергетика, транспорт, санластырыў, қала инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм суў хожалығы тараўларындағы перспективалы басламаларды көрип шықты.
Келешектеги бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды. Соның ишинде, әсиресе, социаллық әҳмийетке ийе тармақларда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерине итибар қаратқан ҳалда, суверен емес жойбарлар портфелин кеңейтиўде бар.
Сондай-ақ, техникалық жәрдем, институционаллық раўажланыў, санластырыў ҳәм турақлы басқарыўды қоллап-қуўатлаў ушын инвестициялық жойбарларда грант қаржыларының үлесин арттырыў мәселелери додаланды.

