Өзбекстан ҳәм Euronews медиа тараўындағы бирге ислесиўди беккемлемекте

    Өзбекстан Президентиниң баспасөз хаткери Шерзод Асадов 20-ноябрь күни Euronews медиа-холдинги директорлар кеңесиниң баслығы Педро Варгас Давид пенен ушырасты.

    Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер Өзбекстан ҳәм Euronews арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў ҳәм кеңейтиў, мәмлекетимиздиң унамлы имиджин глобал көлемде алға қойыўға қаратылған қоспа медиа жойбарларды әмелге асырыў жолларын додалады.

    Журналистлердиң маманлығын арттырыў ҳәм кәсиплик тәжирийбе алмасыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Ушырасыў жуўмағында жедел биргеликтеги жумысларды даўам еттириў ҳәм Өзбекстандағы жедел реформалар, халықаралық басламалар ҳәм ири ўақыялар ҳаққында дүнья аудиториясына және де нәтийжели мағлыўмат бериў имканиятын беретуғын шерикликтиң жаңа бағдарларын белгилеп алыўға келисип алынды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates