Бул баслама тарийхый әҳмийетке ийе болып, Өзбекстан биринши мәрте халықты дизимге алыў менен бир ўақытта әмелге асырылатуғын Миллий аўыл хожалығы хатлаўын өткериўге таярлық көрмекте.
Жойбарлаў семинарында UzStat, Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Кадастр агентлиги, Суў хожалығы министрлиги, Санлы технологиялар министрлиги, сондай-ақ, ФАО, ЮНФПА, БМШ Раўажланыў бағдарламасы, ЮНИСЕФ, Европа Аўқамы делегациясы, Жәҳән банки ҳәм Азия раўажланыў банкиниң ўәкиллери жыйналды.
Қатнасыўшылардың атап өтиўинше, биринши рет аўыл хожалығын хатлаўдан өткериў исенимли ҳәм халықаралық дәрежеде салыстырмалы статистикалық базаны қәлиплестириўдеги әҳмийетли қәдем болып есапланады.
- Бул биринши Миллий аўыл хожалығы хатлаўын өткериўге таярлық көрип атырған Өзбекстан ушын әҳмийетли басқыш, - деди ФАОның Өзбекстандағы ўәкилиниң орынбасары Шерзод Умаров.
"ФАО халықты дизимге алыў халықаралық стандартларға муўапық болыўы ҳәм қарар қабыл етиў ушын жоқары сапалы мағлыўматлар менен тәмийинлениўи ушын ҳүкиметти қоллап-қуўатлаўды даўам еттиреди", - деп қосымша етти ол.
Статистика агентлиги баслығы Беҳзод Ҳамраевтың атап өткениндей:
"Халықты ҳәм аўыл хожалығын хатлаў - мәмлекет раўажланыўы ушын ең әҳмийетли илажлардан бири. Онда халықтың саны, жас қурамы, турмыс дәрежеси, жер майданлары, шарўашылық, егин түрлери ҳаққында анық мағлыўматлар алынады. Бул мағлыўматлар ресурслардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм ҳәр бир аймақтың раўажланыўын режелестириў ушын беккем тийкар болады.
Семинар даўамында жойбарды әмелге асырыў мақсетлери, структурасы ҳәм механизмлери таныстырылды. Бул бағдарда заманагөй методологияларды, мағлыўматларды жыйнаўдың санлы қуралларын (CAPI/CAWI) енгизиў, сапа қадағалаўы системаларын ҳәм мағлыўматларды қайта ислеў, редакторлаў ҳәм тарқатыў процесслерин беккемлеў нәзерде тутылған.
ФАО экспертлери - Расмийя Алиева, Георгий Квиникадзе ҳәм Энтони Бургард методология, санлы шешимлер ҳәм мониторинг бойынша усыныслар берди. Миллий шериклер таярлықтың барысын ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларын додалады.
Семинар жуўмағында Өзбекстанда биринши мәрте өткерилип атырған аўыл хожалығы хызметлерин дизимге алыў бойынша жоқары сапалы ҳәм халықаралық дәрежеде салыстырмалы мағлыўматлар менен тәмийинлеў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар режеси келисип алынды ҳәм улыўма миннетлеме берилди. ФАО ҳүкиметти жойбарды әмелге асырыўдың барлық басқышларында қоллап-қуўатлаўға таяр екенин тастыйықлады.








