Ушырасыўда тәреплер профессионал билимлендириў системасын жетилистириўге қаратылған биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелерин додалады ҳәм келешектеги бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеп алды. "Профессионал билимлендириў системасын жетилистириў" жойбарына айрықша итибар қаратылды.
Усы жойбар шеңберинде Өзбекстан Республикасы аймақларында 8 үлгили профессионал билимлендириў мәкемеси - алдыңғы кәсипке таярлаў орайларын шөлкемлестириў режелестирилген. Жойбардың тийкарғы мақсетлери: билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оқыў процесине Германия тәжирийбесин енгизиў, жумыс бериўшилер менен бирге ислесиўди күшейтиў.
Тәреплер "Профессионал билимлендириўди қоллап-қуўатлаў (3-басқыш) " жойбарының концепциясын да додалады. Бул басламаларды әмелге асырыў процесинде министрликтиң қәнигелери KfW раўажланыў банки ҳәм жойбар консултантлары менен тығыз бирге ислеседи. Тәрбияланып атырған қәнигелердиң маманлығы халықаралық стандартларға сәйкес болыўы, сырт ел мийнет базарларында тән алыныўына айрықша итибар қаратылмақта.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер әмелдеги бирге ислесиў жойбарларын әмелге асырыўды жеделлестириў ҳәм перспективалы бағдарларда жаңа биргеликтеги басламаларды алға қойыўға келисип алды.








