Өзбекстан-Ҳиндстан қатнасықлары бүгинги күнде турақлы раўажланыў пәтлери,
сиясий сөйлесиўдиң жоқары дәрежеси, саўда-экономикалық, инвестициялық,
транспорт, гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўдиң избе-из
кеңейип атырғаны менен характерленеди.
Ҳиндстан Өзбекстанның ғәрезсизлигин 1991-жыл 26-декабрьде тән алған ҳәм
еки мәмлекет арасында дипломатиялық қатнасықлар 1992-жыл 18-мартта орнатылған.
1992-жылы сентябрьде Дели қаласында Өзбекстанның Консуллығы ашылды ҳәм ол
1994-жылы елшиханаға айландырылды. 1988-жылы августта Ташкентте ашылған
Ҳиндстан Бас консуллығы 1992-жылы елшиханаға айландырылды.
1991-2026-жылларда
12 жоқары дәрежедеги өз-ара әмелий сапарлар әмелге асырылғаны еки мәмлекет
арасындағы сиясий сөйлесиў турақлылығынан дәрек береди.
Еки тәреплеме
байланысларды беккемлеўде мәмлекет басшыларының турақлы ушырасыўлары айрықша
әҳмийетке ийе. 2018-жыл 30-сентябрь - 1-октябрь күнлери Өзбекстан Президентиниң
Ҳиндстанға мәмлекетлик сапары болып өтти. Өзбекстан Президенти Ҳиндстанда болды
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2019-жыл 17-18-январь күнлери
"Ҳәўижли Гужарат - 2019" халықаралық инвестициялық саммитинде
қатнасыў ушын әмелий сапар менен Ҳиндстанда болды.
Сапар етиўлер
шеңберинде 2018-2019-жылларда улыўма баҳасы 2,3 миллиард долларлық 98
саўда-инвестициялық ҳүжжетке қол қойылды.
2020-жыл
11-декабрь күни Өзбекстан Президенти ҳәм Ҳиндстан Бас министриниң
онлайн-саммити болып өтти, оның жуўмағында 9 еки тәреплеме келисимге қол
қойылды, Жақын дослық ҳәм беккем шериклик ҳаққындағы биргеликтеги билдириў
қабыл етилди.
Кейинги жылларда
еки мәмлекет жетекшилериниң байланыслары избе-из раўажланбақта. 2024-жыл
23-октябрь күни Қазан қаласында болып өткен БРИКС саммити шеңберинде Өзбекстан
Президентиниң Ҳиндстан Бас министри менен ушырасыўы болып өтти. 2025-жыл
1-сентябрь күни Тяньцзин қаласында ШБШ саммити шеңберинде еки мәмлекет
жетекшилериниң сөйлесиўлери болып өтти.
Еки тәреплеме
бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдары парламентлераралық бирге ислесиў болып
есапланады. 2020-жыл июнь айында Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасында
Ҳиндстан Парламентиниң жоқары ҳәм төменги палаталары - Ражья Сабҳа ҳәм Лок
Сабҳа менен бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топарлар дүзилген еди.
2025-жыл февраль
айында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери тәрепинен Ҳиндстан
Парламентиниң төменги палатасы - Лок Сабҳа менен парламентлераралық бирге
ислесиў топарының жаңа қурамы тастыйықланған еди.
Төменги палатаның
спикери Ом Бирла басшылығындағы Ҳиндстан парламент делегациясының 2025-жыл
5-11-апрель күнлери Өзбекстанда болып өткен Халықаралық парламент аўқамының
150-юбилей сессиясында қатнасыўы әҳмийетли ўақыя болды.
2026-жыл февраль
айында Лок Сабҳа Спикери тәрепинен Олий Мажлис пенен парламентлераралық бирге
ислесиў топарының жаңа қурамы Парламенттиң жоқары ҳәм төменги палаталары
ўәкиллеринен тастыйықланып, парламент дипломатиясын буннан былай да
раўажландырыў ушын қосымша имканиятлар жаратылды.
Саўда-экономикалық
ҳәм инвестициялық бирге ислесиў Өзбекстан-Ҳиндстан шериклигинде орайлық
орынлардан бирин ийелейди. Еки тәреплеме экономикалық байланыслардың тийкары
1992-жылы қабыл етилген Экономикалық ҳәм саўда бирге ислесиўи ҳаққындағы
келисим болып, оған муўапық өз-ара саўдада ең қолайлы режим белгиленди.
Сондай-ақ, 2024-жылы өз-ара инвестицияларды кеңейтиў ҳәм узақ мүддетли
жойбарларды әмелге асырыў ушын қосымша шараятлар жарататуғын Инвестицияларды
хошаметлеў ҳәм өз-ара қорғаў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.
2025-жылдың
жуўмақларына бола, Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан арасындағы товар алмасыў көлеми 1,3
миллиард доллардан асып, 33,3 процентке өсти. Быйылғы жылда да унамлы динамика
сақланып қалмақта. 2026-жылдың январь-июнь айларында өз-ара саўда көлеми 598
миллион долларға жетти, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 28,5
процентке көп.
Өз ара саўда
структурасы ҳәр түрлилиги менен ажыралып турады. Өзбекстан экспортының тийкарын
химия өнимлери, хызметлер, қымбат баҳалы ҳәм ярым қымбат баҳалы таслар, реңли
металлар ҳәм олардан таярланған буйымлар қурайды. Ҳиндстаннан алып келинетуғын
импортта фармацевтика өнимлери, азық-аўқат өнимлери, механикалық үскенелер,
транспорт қураллары ҳәм аўысық бөлеклер, химия ҳәм электротехника өнимлериниң
үлеси үлкен.
Экономикалық
байланысларды раўажландырыўдың әҳмийетли механизми 1992-жылдан берли жумыс алып
барып атырған Саўда-экономикалық ҳәм илимий-техникалық бирге ислесиў бойынша
ҳүкиметлераралық комиссия болып есапланады. 2026-жыл 19-июнь күни Ташкентте
Ҳүкиметлераралық комиссияның 14-мәжилиси болып өтти, оның шеңберинде еки
мәмлекеттиң 150 ден аслам исбилерменлериниң қатнасыўында Өзбекстан-Ҳиндстан
бизнес-форумы өткерилди. Фармацевтика, билимлендириў, мәлимлеме технологиялары
ҳәм "жасыл" энергетика тараўларындағы биргеликтеги жойбарларға
айрықша итибар қаратылды.
2026-жыл 3-август
күни Нью-Дели қаласында болып өткен Өзбекстан-Ҳиндстан бизнес форумы
исбилерменлик байланысларына қосымша пәт бағышлады. Бундай майданлардың
өткерилиўи исбилерменлер арасындағы тиккелей байланысларды кеңейтиў,
биргеликтеги жойбарларды алға қойыў ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа
бағдарларын табыўға хызмет етеди.
Өзбекстан-Ҳиндстан
қатнасықларында мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў айрықша орын ийелеп, еки
мәмлекет халықларының тарийхый байланыслары ҳәм бир-бириниң мәдений-руўхый
мийрасына өз-ара қызығыўшылығына сүйенеди.
1995-жылы
Ташкентте ашылған Ҳиндстан мәденият орайы гуманитар байланысларды
раўажландырыўдың әҳмийетли орайы болып есапланады. 2005-жылы Лал Баҳадур Шастри
атындағы Ҳиндстан мәденият орайы деп қайта аталды.
1998-жылдан берли
Нью-Делиде еки мәмлекет арасындағы жәмийетлик ҳәм мәдений байланысларды
беккемлеўге хызмет етип атырған Ҳиндстан - Өзбекстан дослық жәмийети жумыс алып
бармақта.
Билимлендириў
тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Ҳинд
тили Ташкент қаласындағы 24-санлы мектепте, Жәҳән экономика ҳәм дипломатия
университетинде, Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университетинде ҳәм усы
университеттиң академиялық лицейинде оқытылады.
Өзбекстанда
Ҳиндстанның төрт жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиаллары - Ташкенттеги
Амити университети, Әндижандағы Шарда университети, Жиззақтағы Самбрам
университети ҳәм Бухарадағы Ачарья университетиниң филиаллары жумыс алып
бармақта.
Тийкарғы
билимлендириў бағдарлары: мәлимлеме-коммуникация технологиялары,
электротехника, бизнес-менеджмент.
2019-жыл 24-июль
күни Ташкент қаласында Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары
технологиялық паркиниң шөлкемлестирилгени технологиялық ҳәм билимлендириў
тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўдың әҳмийетли элементи болды.
Студентлер
алмасыўы сезилерли дәрежеде кеңеймекте. 2026-жылғы мағлыўматларға бола,
Өзбекстандағы жоқары оқыў орынларында 13 мыңнан аслам ҳиндстанлы студент билим
алмақта.
Соның менен
бирге, Ҳиндстанда өзбек тили ҳәм әдебиятын үйрениў де раўажланбақта.
2026-2027-оқыў жылынан баслап Нью-Дели қаласындағы "Жамия Миллия
Исломия" университетинде 2004-жылдан берли жумыс алып барып атырған өзбек
тили ҳәм әдебияты бойынша қысқа мүддетли курслар академиялық бакалавриат
бағдарламасы дәрежесине көтерилди. Университеттиң еки оқыў имаратына Шығыстың уллы
ойшыллары - Абу Райхан Беруний ҳәм Абу Али ибн Синоның атлары берилди.
Өзбекстан ҳәм
Ҳиндстан арасындағы туризм тараўындағы бирге ислесиў унамлы пәт пенен
раўажланбақта. Ҳиндстаннан Өзбекстанға келген туристлер саны 2020-жылдағы 4,8
мың адамнан 2025-жылы 80 мыңнан асқан.
Өзбекстан ҳәм
Ҳиндстан көп тәреплеме дәрежеде жедел бирге ислесип, улыўма мәплерди алға қойыў
ҳәм сиясий сөйлесиўди раўажландырыў ушын халықаралық ҳәм регионаллық
шөлкемлерден әҳмийетли майдан сыпатында пайдаланбақта.
Еки мәмлекет
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, БРИКС, Жәҳән саўда
шөлкеми ҳәм Қосылмаў ҳәрекети шеңберинде тығыз бирге ислесип келмекте.
"Ҳиндстан -
Орайлық Азия" форматы бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдары болып, Ҳиндстан
ҳәм регион мәмлекетлери арасындағы байланысларды беккемлеў ушын қосымша
имканиятлар жаратады. Өзбекстан раўажланып атырған мәмлекетлерди
бирлестиретуғын ҳәм олардың мәплерин халықаралық күн тәртибинде алға қойыўға
қаратылған "Глобал Қубла ҳаўазы" форматында да белсене қатнаспақта.
Өзбекстан-Ҳиндстан
қатнасықларының жедел раўажланыўы сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық,
гуманитарлық ҳәм басқа да тараўларды қамтып алған шәртнамалық-ҳуқықый базаға сүйенеди.
Бүгинги күнге шекем Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан арасында 114 еки тәреплеме ҳүжжетке
қол қойылған.
Бүгинги күнде
Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан шерикликти буннан былай да кеңейтиў ушын үлкен
потенциалға ийе. Регионаллық өз-ара байланыслылықты беккемлеўде сиясий исеним,
өсип баратырған экономикалық байланыслар, инвестициялық имканиятлар,
гуманитарлық бирге ислесиў ҳәм улыўма мәплердиң үйлесиўи жаңа кең көлемли
жойбарларға өтиў ҳәм кең көлемли стратегиялық шерикликтиң узақ мүддетли
мақсетлерине ерисиў ушын беккем тийкар жаратпақта.
«Дунё» МА.