Тәреплердиң дыққат орайында Өзбекстан-Япония бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў мәселелери ҳәм регионаллық форматтағы бирге ислесиўдиң шөлкемлестириўшилик тәреплери болды.

Ўәкилхана жумысын нәтийжели муўапықластырыў, оның жумысы ушын зәрүр шараятлар жаратыў ҳәм институционаллық шерикликти беккемлеў бойынша әмелий илажлар додаланды. Өзбекстан тәрепи Япония басламаларына ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў ҳәм конструктивлик сөйлесиўди қоллап-қуўатлаўға таяр екенин тастыйықлады.

Инвестициялық ҳәм инфраструктуралық бирге ислесиўди кеңейтиў, жеке меншик секторды ҳәм турақлы раўажланыў жойбарларын қоллап-қуўатлаў перспективаларына айрықша итибар қаратылды.

JICA Өзбекстанның тийкарғы шериклеринен бири болып қалмақта: тартылған қаржылардың улыўма көлеми 8,3 миллиард доллардан асламды қурамақта. Мәмлекетимизде энергетика, транспорт, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў ҳәм инфраструктура тараўларында жойбарлар, сондай-ақ, жеке меншик секторды қаржыландырыў ҳәм грант жәрдем бағдарламалары әмелге асырылғаны ҳәм әмелге асырылып атырғаны стратегиялық бирге ислесиўдиң узақ мүддетли ҳәм комплексли характерин тастыйықлайды.