Сөйлесиўлер ўақтында еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды, шерикликти кеңейтиўдиң тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.
Тийкарғы итибар инвестициялық, саўда-экономикалық ҳәм финанслық бирге ислесиў мәселелерине қаратылды. "Жасыл" ҳәм қайта тиклениўши энергетика, мәлимлеме технологиялары, транспорт-логистика инфраструктурасы, суў ҳәм аўыл хожалығы, таў-кән санааты ҳәм металлургия тараўларында қоспа жойбарларды әмелге асырыў имканиятларына айрықша итибар қаратылды.
Тәреплер институционаллық байланысларды беккемлеў, муўапықластырыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм бирге ислесиўдиң және де системалы форматына өтиў әҳмийетли екенин атап өтти. Сөйлесиўлердиң избе-из раўажланып атырғаны әмелий басламаларды әмелге асырыў ушын беккем тийкар жаратып атырғаны атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында сөйлесиўде додаланған барлық бағдарларда шерикликти және де тереңлестириў ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиўге өз-ара таярлық тастыйықланды.








