Видеобайланыс даўамында тәреплер Астана қаласында өткерилетуғын Регионаллық экологиялық саммитке таярлық көриў мәселелерин додалады. Экологиялық әҳмийетли мәселелер бойынша еки мәмлекеттиң позицияларын муўапықластырыў, күн тәртибиндеги тийкарғы темаларды белгилеў ҳәм болажақ илаж шеңберинде усынылыўы мүмкин болған биргеликтеги баслама ҳәм билдириўлерге айрықша итибар қаратылды.
Тоғай хожалықларын басқарыў тараўындағы бирге ислесиў сөйлесиўлердиң айрықша темасы болды. Тәреплер тоғай ресурсларын турақлы басқарыў тараўында тәжирийбе алмасыў, қоспа жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыў, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң тийисли структуралары арасында илимий-техникалық бирге ислесиўди кеңейтиў имканиятларын көрип шықты.
Ушырасыў даўамында сайғақларды сақлаў бойынша бирге ислесиў меморандумының жойбары да додаланды. Сөйлесиў қатнасыўшылары бул сийрек ушырасатуғын түрдиң популяциясын сақлап қалыў бойынша биргеликтеги илажларды муўапықластырыў ҳәм тийисли ҳүжжетке қол қойыў ушын зәрүр болған кейинги қәдемлерди белгилеўге итибар қаратты.
Тәреплер атмосфера ҳаўасының сапасы бойынша пикир алысты. Атап айтқанда, кейинги мониторинг мағлыўматлары, биргеликтеги илимий изертлеўлер ҳәм экологиялық жойбарларды әмелге асырыў имканиятлары, сондай-ақ, ҳаўа сапасын жақсылаў бойынша мәмлекетлераралық коалицияны қәлиплестириў перспективалары көрип шығылды.
Буннан тысқары, 2022-жыл 22-декабрьде қол қойылған Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимди әмелге асырыў бойынша әмелий қәдемлер додаланды. Бул ҳүжжет шеңберинде Өзбекстан-Қазақстан қоспа комиссиясы ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳәм оның қурамын усыныў мәселелери көрип шығылды.
Қазақстан Республикасының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбут Атамқулов пенен ушырасыўда болажақ халықаралық илажлар, соның ишинде, Астана қаласында өткерилиўи режелестирилген Регионаллық экологиялық саммит, Глобал экологиялық қорының 8-Ассамблеясы ҳәм Самарқанд қаласында өткерилиўи режелестирилген " Eco Expo 2026" халықаралық көргизбеси шеңберинде еки тәреплеме бирге ислесиўди және де беккемлеў мәселелерине тоқтап өтилди.
Сондай-ақ, тәреплер атмосфера ҳаўасының патасланыў дәрежесин азайтыў, соның ишинде, санаат кәрханалары ҳәм ыссыхана хожалықларын көшириў, трансшегаралық қорғалатуғын тәбийғый аймақларды раўажландырыў, сайғақлар популяциясын сақлап қалыў бойынша биргеликтеги илажлар бойынша бирге ислесиў перспективаларын додалады.
Экология тараўында Өзбекстан - Қазақстан бирге ислесиўин буннан былай да беккемлеў тәбиятты қорғаўға байланыслы улыўма ўазыйпаларды нәтийжели шешиўге ҳәм регионның турақлы раўажланыўына хызмет ететуғыны атап өтилди.