Тәреплер жойбарды табыслы баслаўдан өз-ара мәпдар екенин атап өтип, жақын ўақыт ишинде техникалық-экономикалық көрсеткишлерди таярлаўды жуўмақлап, жумысларды жеделлестириўге келисип алды.

LAB ислеп шығарыў жойбары еки мәмлекет ушын да стратегиялық әҳмийетке ийе: бул өним синтетикалық жуўыў қураллары ҳәм турмыслық химия өнимлерин ислеп шығарыўда тийкарғы шийки зат болып есапланады.

Жойбардың әмелге асырылыўы регион базарының талапларын қанаатландырыў, нефть-химия өнимлерин ислеп шығарыўды локализациялаўды тереңлестириў, Өзбекстан ҳәм Қазақстанның экспорт потенциалын арттырыў имканиятын береди.