Еки мәмлекет жетекшилериниң ҳәрекетлери себепли стратегиялық ҳәм дослық қатнасықлары избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, өткен жылы 1-сентябрь күни Қытайдың Тяньцзинь қаласында ШБШ саммити шеңберинде еки мәмлекет денсаўлықты сақлаў министрликлери арасында қол қойылған медициналық хызмет ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисим бирге ислесиўди беккемлеўде айрықша әҳмийетке ийе.
Бул ретки сөйлесиўлерде Республикалық суд-медициналық экспертиза илимий-әмелий орайының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, бир қатар медицина мәкемелерин модернизациялаў, сондай-ақ, Өзбекстанда Қытай дәстүрий медицинасын раўажландырыўға қаратылған грант жойбарларын әмелге асырыў перспективалары додаланды.
Буннан тысқары, усы жылы қытайлы кардиохирурглар тәрепинен туўма жүрек нуқсаны болған 500 балада жоқары технологиялық операциялар өткериў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Оперциялар Балалар миллий медицина орайы, Республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайы ҳәм Ташкент мәмлекетлик медицина университетиниң көп тармақлы балалар клиникасында әмелге асырылыўы режелестирилген.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер Қытайдың грант қаржылары есабынан әмелге асырылып атырған жойбарларды жеделлестириўге келисип алды.