Ушырасыў жуўмағында Санлы технологиялар министрлиги ҳәм «Amazon Kuiper Commercial Services LLC» арасында өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды.
Ҳүжжет Өзбекстанда «Project Kuiper» жасалма жолдас системасы арқалы жоқары тезликтеги интернетти иске қосыў, сондай-ақ, телекоммуникация инфраструктурасын модернизациялаў бойынша биргеликте жумыс алып барыўды нәзерде тутады.
Мағлыўмат ушын: «Amazon Kuiper» компаниясы "Amazon" корпорациясының бөлими болып есапланады ҳәм төмен орбитал (LEO) жолдасларынан пайдаланған ҳалда пүткил дүнья бойлап интернеттен пайдаланыўды тәмийинлеў жойбарын әмелге асырады.









