Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер ярым миллиардтан аслам адамды бирлестирген ҳәм жәҳән энергетика ресурсларының үштен бир бөлегине ийе болған ЭБШ шеңберинде жедел бирге ислесиў зәрүр екенлигин атап өтти. Шөлкем саўда, санаат, транспорт ҳәм энергетика тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў ушын үлкен потенциалға ийе екени атап өтилди.
Өз-ара саўданың өсиўине айрықша итибар қаратылды. Соңғы бес жылда Өзбекстанның ЭБШ мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми 47 процентке өсип, 2024-жылы 12,2 миллиард долларға жетти. Усы жылдың басынан берли шөлкемге ағза мәмлекетлер капиталының қатнасыўында 700 ден аслам кәрхана шөлкемлестирилди ҳәм олардың улыўма саны 5 мыңнан асты.
Сондай-ақ, Стамбулда болып өтетуғын ЭБШ саўда ҳәм сыртқы экономикалық байланыслар министрлериниң 5-мәжилисине таярлық мәселелери додаланды. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстанның Саўда, инвестициялар ҳәм инновациялар орайын шөлкемлестириў ҳәм Саўданы әпиўайыластырыў ҳаққындағы келисимди алға қойыў басламасы айрықша атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы шерикликти және де тереңлестириў ҳәм ЭБШ шеңбериндеги байланысларды беккемлеўге таяр екенин тастыйықлады.