Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер тарийхый ҳүжжет - Дипломатиялық қатнасықлар орнатыў ҳаққындағы қоспа коммюникеге қол қойды.
Бахтиёр Саидов атап өткениндей, бул илаж Ташкент ҳәм Нгерулмудтың еки тәреплеме байланысларды раўажландырыўға өз-ара умтылысын сәўлелендиреди, бирге ислесиў ушын жаңа имканиятлар ашады, беккем ҳәм узақ мүддетли шериклик ушын тийкар жаратады.
Министр дипломатиялық қатнасықлардың орнатылыўы түрли тараўлардағы биргеликтеги жойбарлар ҳәм басламалардың басланғыш ноқатына айланатуғынына исеним билдирди.









